Форум мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлер жәмийетшилиги ўәкиллерин миграциялық түрлерди сақлап қалыў ҳәм бул тараўда глобал бирге ислесиўди беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин додалаў ушын бирлестирди.

Конвенцияның ашылыўында әмелдеги басшы мәмлекет сыпатында шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы басшылықты рәсмий түрде Бразилия Федеративлик Республикасына тапсырды. Жалпы мәжилис шеңберинде Өзбекстан делегациясы 2024-2026-жыллардағы басшылық дәўириндеги жумыс нәтийжелери бойынша есабат берди. Ҳүжжетте мәмлекетимиздиң көшип жүриўши түрлерди сақлап қалыў, халықаралық шерикликти раўажландырыў, сондай-ақ, жабайы ҳайўанлардың нызамсыз алыныўына қарсы гүресиўге қаратылған басламаларды алға қойыўға қосып атырған үлеси сәўлелендирилген.

Еслетип өтемиз, 2024-жыл февраль айында Самарқанд қаласында Конвенция тәреплериниң 14-конференциясы (CMS COP14) болып өтти, оның жуўмақлары бойынша Өзбекстан басшылықты өз мойнына алды. Бул форумның өткерилиўи мәмлекеттиң экологиялық тараўдағы халықаралық абырайын беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды.

Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметине Migratory Species Champion Plus статусының берилгени халықаралық жәмийетшилик тәрепинен айрықша тән алынды. Салтанатлы мәресим Migratory Species Champion Programme бағдарламасы шеңберинде болып өтти. Бул статус Өзбекстанға 2026-2028-жыллар дәўиринде көшип жүриўши түрлерди алып қойыўға қарсы гүресиў бойынша ҳуқықый механизмлер ҳәм глобал ҳәрекетлерди беккемлеўди айрықша қоллап-қуўатлағаны ҳәм оларға садықлығы ушын берилди.

Бул нәтийже мәмлекеттиң избе-из экологиялық сиясаты, биоҳәртүрлиликти сақлаў ҳәм көшип жүриўши түрлерди қорғаў бойынша халықаралық ҳәрекетлерди бирлестириўге қосып атырған үлесин сәўлелендиреди.