Ҳәр еки сыйлық 66 килограммға шекемги салмақ категориясында қолға киргизилди. Абдураҳим Нутфуллаев барлық қарсыласларынан үстинлигин көрсетип, финалда россиялы Сайгад Керимовты жеңип шықты ҳәм алтын медальды қолға киргизди.
Сондай-ақ, бронза ушын болып өткен беллесиўде Анваржон Иброҳимов Қазақстан ўәкили Нурқанат Серикбаевқа имканият қалдырмады ҳәм үшинши орынды ийеледи.