Жаңа қайта тиклениўши энергетика объекти жылына 50 миллион кВт саатқа шекем экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығарып, дерлик 20 мың шаңарақты электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын береди ҳәм мәмлекетимиз энергетика системасының турақлылығын және де арттырыўға хызмет етеди.

Буннан тысқары, станцияның жумысы нәтийжесинде ҳәр жылы салмақлы муғдарда тәбийғый газ үнемленеди, атмосфераға ыссыхана газлериниң шығыўы азаяды.