Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң
БАӘдеги ўәкилханасы, Өзбекстан Республикасы елшиханасы ҳәм Өзбекстан
исбилерменлер жәмийетшилиги ўәкиллери тәрепинен Дубай саўда палатасының
жәрдеминде басламалар алға қойылды.
Кеңес Өзбекстан ҳәм Дубай исбилерменлериниң тиккелей бирге ислесиўи ушын
жаңа майданға айланады. Оның жумысы саўда-инвестициялық байланысларды
раўажландырыў, жаңа шериклер табыў ҳәм ҳәр қыйлы тармақларда биргеликтеги
басламаларды алға қойыўға қаратылады.
Оның ушын үлкен экономикалық база қәлиплестирилген. Бүгинги күнде
Өзбекстанда БАӘ капиталының қатнасыўында 450 ден аслам компания жумыс алып
бармақта, соңғы үш жылда БАӘ инвестицияларының көлеми дерлик 3 миллиард
долларға жетти. 2025-жылы еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми 1,2
миллиард долларды қурады.
Кеңестиң биринши
мәжилиси Дубай саўда палатасының бас резиденциясында болып өтти. Жаңа
исбилерменлик имканиятлары, өз-ара инвестицияларды кеңейтиў, компаниялар
арасындағы байланысларды беккемлеў, тәжирийбе ҳәм мәлимлеме алмасыў,
биргеликтеги бизнес илажларын шөлкемлестириў мәселелери додалаў орайында болды.
Өзбекстан
бизнесиниң Дубайдағы белсендилиги де артып бармақта. Өткен жылдың жуўмақларына
бола, Дубай саўда палатасында 826 Өзбекстанның белсенди компаниясы бар еди -
бул бир жыл алдынғыға салыстырғанда 21,3 процентке көп. 2026-жылдың биринши
ярымында палатаға және 75 компания қосылды.
Өзбекстан
исбилерменлер кеңесиниң шөлкемлестирилиўи исбилерменлер ҳәм инвесторлар
арасында тиккелей байланысларды жолға қойыў, жаңа жойбарларды алға қойыў,
Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы узақ мүддетли саўда-инвестициялық шерикликти
буннан былай да беккемлеў ушын турақлы механизмди қәлиплестиреди.