Өзбекстан делегациясына сыртқы ислер министриниң орынбасары Бобур
Усмонов, Беларусь делегациясына сыртқы ислер министриниң орынбасары Павел
Утюпин басшылық етти.
Ҳәр қашанғыдай ашық ҳәм дослық руўхында өткен сөйлесиўлерде еки ҳәм көп
тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери додаланды.
Пикир алысыў ўақтында Өзбекстан - Беларусь қатнасықлары жедел раўажланып,
көп қырлы бирге ислесиў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жедел сиясий
сөйлесиў, раўажланып атырған парламентлераралық байланыслар, өз-ара саўданың
турақлы өсиўи, санаат, аўыл хожалығы ҳәм фармацевтика тараўларында әмелий
кооперацияны кеңейтиў бойынша биргеликтеги илажлардың нәтийжелилиги,
мәдений-гуманитарлық алмасыўлардың тереңлесиўи, көп тәреплеме платформалардағы
конструктивлик бирге ислесиў тийкарғы жетискенликлер сыпатында атап өтилди.
Тәреплер сыртқы
ислер министрликлери Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы ҳәр тәреплеме ҳәм өз-ара
пайдалы шерикликти тереңлестириўге белсене жәрдемлесиўге таяр екенин
тастыйықлады.
Жоқары дәрежедеги
ушырасыўлар жуўмағында ерисилген келисимлердиң орынланыўын көрип шығыўға
айрықша итибар қаратылды.
Болажақ илажлар
ҳәм сапарларға таярлық көриў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыўды күшейтиўге
келисип алынды, деп хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз хызмети.