Форумның тийкарғы мақсети - Шығыс классикалық музыка көркем өнериниң бийбаҳа бағдарларынан бири болған мақам көркем өнерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, жаслар арасында бул көркем өнерге қызығыўшылықты арттырыў, халықаралық көлемде мәдений ҳәм илимий-дөретиўшилик бирге ислесиўди беккемлеўден ибарат.

Мәденият министрлигиниң мәлим етиўинше, форум шеңберинде төмендеги тийкарғы илажлар режелестирилген:

илимий-әмелий конференция;

мақам ансамбльлери, қосықшы ҳәм сазенделер арасында халықаралық таңлаў;

белгили жергиликли ҳәм сырт ел атқарыўшыларының қатнасыўындағы жеке концертлер.

Таңлаў жеңимпазлары диплом, статуэтка ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады:

Гран-при - 15 000 АҚШ доллары;

1-орын (2 жеңимпаз) - 10 000 АҚШ долларынан;

2-орын (2 жеңимпаз) - 7 000 АҚШ долларынан;

3-орын (2 жеңимпаз) - 5 000 АҚШ долларынан.

Буннан тысқары, "Ең жақсы мақам атқарыўшысы", "Ең жақсы мақам сазендеси", "Ең жақсы мақам устасы", "Ең жақсы мақам үгит-нәсиятлаўшысы", "Ең жақсы жас мақам атқарыўшысы", "Ең жақсы мақам дөретиўшиси" сыяқлы арнаўлы номинациялар да нәзерде тутылған.

III Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы миллий музыка мийрасын дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаў, мәдениятлараралық қарым-қатнасты раўажландырыў, көркем өнер тараўында халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.