Пайтахт ҳәкимлигинен мәлим етилиўинше, енди тийкарғы итибар ашықтан-ашық
сөйлесиў, түсиникли мәлимлеме бериў ҳәм келип шығатуғын мәселелерди жеке
тәртипте көрип шығыўға қаратылған.
11-майдан 26-июльге шекем пайтахтымыздың 56 көшесинде 3 мың 228
исбилерменлик субъекти дизайн-кодты енгизиў жумыслары менен қамтып алынды.
Өзгерислер тиккелей тәсир көрсеткен исбилерменлердиң пикирин билиў мақсетинде
Ташкент қаласы ҳәкимлиги Саўда-санаат палатасының аймақлық басқармасы менен
биргеликте тийисли сораўнама өткерди.
Қайта байланыслар
бир қатар жағдайларда талаплар, ҳүжжетлерди рәсмийлестириў тәртиби ҳәм зәрүр
ҳәрекетлердиң избе-излиги өз ўақтында ямаса жетерлише түсиниксиз түрде
түсиндирилгенин көрсетти. Бул пикирлер тийкарлы деп табылып, алдағы жумысларда
инабатқа алынды.
Бүгинги күнге
шекем 509 исбилермен тәрепинен фасадлар талапқа сәйкеслендирилген, және 2 мың
627 исбилермен бул жумысларды жуўмақламақта. Қалған мәселелер район
ҳәкимликлери ҳәм тийисли шөлкемлер менен биргеликте жеке тәртипте көрип
шығылады.
Буннан тысқары, «Toshkent
Invest Kompaniyasi» АЖ, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын
қорғаў комитети ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги жанындағы Санлы раўажланыў
департаменти экспертлериниң қатнасыўында 18 реклама-өндирис компаниясының
қәнигелери оқытылды.
Тийкарғы ўазыйпа
тек ғана фасадларды бирден-бир талапларға бейимлестириў емес, ал дизайн-кодты
енгизиў процесин исбилерменлер ушын түсиникли, ашық-айдын ҳәм әдил етиўден
ибарат. Дизайн-код бизнес ушын тийкарсыз қыйыншылықлар пайда етпей,
пайтахтымыздың келбетин жақсылаўға хызмет етиўи керек.