Форумның тийкарғы мақсети экономикалық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып
шығыў ҳәм инвестициялық орталықты буннан былай да раўажландырыўға хызмет
етиўден ибарат.
Онда 40 министрлик, уйым ҳәм шөлкем, 100 ден аслам инвестор, Өзбекстанда
аккредитациядан өткен 20 дан аслам сырт ел, соның ишинде, дипломатиялық корпус
ўәкиллери, 20 дан аслам эксперт ҳәм тараў қәнигелери, 15 тен аслам ғалаба хабар
қуралларының ўәкиллери, 10 нан аслам халықаралық шөлкем, сондай-ақ, 1000 нан
аслам өндирис, экспорт ҳәм импорт етиўшилер, 50 ден аслам халықаралық ҳәм
жергиликли компаниялардың басшылары қатнасыўы күтилмекте.
Форум шеңберинде
инвестициялық жойбарларды таныстырыў, бирге ислесиўдиң жаңа имканиятларын
додалаў, сондай-ақ, интерактив бағдарламалар ҳәм арнаўлы илажлар өткериў
режелестирилген.
Бул форум жаңа
имканиятлар, шериклик ҳәм ири инвестицияларды тартыў жолында әҳмийетли қәдем
болады.