Онда Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов, Спорт министрлиги, Миллий олимпия ҳәм паралимпия комитетлериниң басшылары, спортшы ҳәм тренерлер, ветеранлар, кең спорт жәмийетшилигиниң ўәкиллери қатнасты.

Мәресимде Абдулла Арипов шығып сөйлеп, спортшыларымызға алдағы жарысларда әўмет тиледи. Өз гезегинде, спортшы ҳәм тренерлер билдирилген исенимди ақлаў, Өзбекстанымызды мүнәсип көрсетиў, Ўатанымызға үлкен жеңислер менен қайтыў ушын бар күш-ғайратын жумсайтуғынын билдирди.

Мәресим даўамында Токио-2020 жазғы Олимпиада ойынларының чемпионы, аўыр атлетика бойынша Париж-2024 Олимпиадасының сыйлы орын ийеси Акбар Жўраев Олимпиада спорт түрлери атынан Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағын қабыл етти. Паралимпия спорт түрлери атынан байрақты пара велоспорт бойынша жәҳән чемпионы Маржона Пардабоева қабыллады.