Ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының биринши орынбасары, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети баслығының биринши орынбасары, World Aquatics бюросының ағзасы Шаҳноза Мирзиёева, Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм Uzbekistan Aquatics федерациясының баслығы, спорт министри Адҳам Икрамов, Миллий олимпиада комитети баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров қатнасты.

Турнирде Өзбекстан, Россия, Қазақстан ҳәм Беларусь мәмлекетлеринен 180 ге шамалас спортшы қатнаспақта. Қатнасыўшылар ҳәр қыйлы жас категориялары бойынша өз-ара беллеседи.

Турнирдиң дәслепки жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери жарыстың биринши күнинде анықланады. Жарыс бүгин жуўмақланады.