Бул мектеп процесслерин санластырыўдың биринши басқышы
болып, мағлыўматлар тийкарында қарар қабыл етиў, мектеп, педагоглар ҳәм
ата-аналардың итибарын талап ететуғын мәселелерди өз ўақтында анықлаў
имканиятын береди.
Системада сабақларды шөлкемлестириў, оқыўшылардың
белсендилиги, сабақ өтиў усыллары пәнлер, класслар ҳәм муғаллимлер кесиминде
турақлы талланып барылады. Алынған көрсеткишлер педагогларды методикалық
қоллап-қуўатлаў, оқытыў сапасын баҳалаў ҳәм KPI системасын және де жетилистириўге
тийкар болады.
Смарт-камералар ҳәм Face ID технологиясы
оқыўшылардың мектепке келиўи ҳәм сабақларда қатнасыўын автоматикалық түрде
белгилеў имканиятын береди. Мағлыўматлар оқыўшының айырым пәнлер бойынша
сабақларда қатнаспаўы сыяқлы тәкирарланыўшы бослықларды анықлаўға жәрдем
береди. Бул қәнигелерге себеплерди терең үйрениў, шаңарақ ҳәм мектеп пенен
бирге ислесиў, балаға өз ўақтында зәрүр жәрдем көрсетиў имканиятын береди.
Егер оқыўшы сабаққа себепсиз қатнаспаса, ата-анаға SMS-хабарнама жибериледи. Денсаўлықты
сақлаў министрлигиниң «ERP
Maktab» ҳәм DMED системалары менен интеграцияласыўы
нәтийжесинде кеселлик бойынша тастыйықланған жоқлық автоматикалық түрде есапқа
алынады.
Ҳәзирги ўақытта «SI Davomat» Сергели районындағы 26
мектепте жумыс алып бармақта, оларда 446 смарт-камера орнатылған. Бул сынақ
нәтийжелери системаны басқышпа-басқыш Ташкент қаласындағы басқа да мектеплерге
енгизиўге тийкар болады.
Бул пайтахт билимлендириўин санластырыў бойынша
избе-из жумыслардың басланыўы ғана. Алдымызда муғаллимлерди қоллап-қуўатлаў,
ата-аналарға қолайлық жаратыў ҳәм ҳәр бир оқыўшының сапалы билим алыўы ушын
шараят жаратыўға қаратылған жаңа шешимлер тур.
Балалар - бизиң келешегимиз ҳәм олардың билим алыўына ғамхорлық үзликсиз даўам етеди", - деп мәлим етти пайтахт ҳәкимлиги.