Ҳүжжет "Өзбекстан Республикасы пуқараларын, сырт ел пуқараларын ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды жасаў ҳәм турған жери бойынша дизимге алыў ҳаққында"ғы нызамға муўапық ислеп шығылған болып, төмендеги тәртиплерди нәзерде тутады:

Өзбекстан пуқараларын жасаў ҳәм болыў орны бойынша дизимге алыў;

пуқаралардың жасаў ҳәм болыў орны бойынша дизимге алыўды бийкар етиў;

жасаў ҳәм болыў орны бойынша дизимнен шығарыў бийкар етилгенде.

Пуқараны жасаў ҳәм турған жери бойынша дизимге алыў еки тәрептиң (мүлк ийеси ҳәм пуқараның) қатнасыўында әмелге асырылады ҳәм олардың разылығы «Face-ID» ямаса «Mobile-ID» системасы арқалы тастыйықланады.

Онда жасаў орны бойынша дизимге алынатуғын шахс ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине ямаса мәмлекетлик хызметлер орайына жеке өзи ямаса БИМХП арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.

Бир неше турақ жай ямаса квартираның ийеси олардың тек биреўинде жасаў орны бойынша дизимнен өтиўи керек.

18 жасқа толмаған пуқара ата-анасы, олардан бири ямаса қәўендериниң (исенимли шахстың) жасаў мәнзили бойынша дизимге алынады. Бунда турақ жай мүлк ийесиниң разылығы талап етилмейди.

Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм анық жасаў орнына ийе болмаған пуқаралар Социаллық қорғаў миллий агентлиги қарамағындағы мәкемелерде "Инсан" социаллық жәрдем орайлары тәрепинен «E-xabar berish» системасына мағлыўмат киргизиў арқалы дизимге алынады.

Пуқаралардың жасаў мәнзили бойынша дизимге алыныўы ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлери ямаса таяныш пунктлери ҳәм мәҳәллелердеги ҳуқық қорғаў пунктлери, МХО ямаса БИМХПға барып мүрәжат еткен жағдайда әмелге асырылады. Сондай-ақ, «E-xabar berish» системасы арқалы хабардар етиў тәртибинде, жайластырыў қураллары ямаса емлеў мәкемелерине «Е-mehmon» системасы арқалы дизимнен өтиў мүмкин.

Пуқараның жасаў орнында дизимге алыў ҳаққындағы электрон сораўнаманы (өтиништи) көрип шығыў мүддети бир жумыс күнинен аспаўы керек. Онда болған орны бойынша дизимнен өткенлиги ҳаққындағы мағлыўматнама электрон ҳәм (ямаса) қағаз түринде рәсмийлестириледи.

Егер болыў орны бойынша дизимнен өтиў мүддети өтип кеткен болса, бирақ шахс сол орында болыўын даўам еттирип атырған болса, ол 10 жумыс күни ишинде болыў орны бойынша қайтадан дизимнен өтиўи керек.

Пуқараның жаңа жасаў орнында дизимнен өткерилиўи, турақ жай мүлк иесиниң арзасына муўапық (егер мүлк ҳуқықлары ямаса мүлк иеси менен туўысқанлық байланыслары болмаса) ямаса шет елге турақлы жасаў ушын кетип баратырғанда турақ жай бойынша дизимнен өткерилиўи бийкар етилиўи мүмкин.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 06.05.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».