Онда, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети (ТМЮУ) ның
"Халықаралық ҳуқық ҳәм салыстырмалы ҳуқықтаныў" ҳәм "Санлы
ҳуқық" тәлим бағдарларына оқыўға қабыллаўда IQ-тест
сынақлары өткериледи.
Белгилениўинше, дизимнен өтиў процесинде ҳуқық тараўында тест сынақлары
тапсырылатуғын пәнлер комплекси менен бир қатарда IQ тестин
өтиўди таңлаған абитуриентлер ушын IQ тестин өткериўши сырт елли бирге ислесиўши шөлкем менен өз-ара шәртнама
тийкарында ҳәр жылы 10-июльге шекем ТМЮУ тәрепинен өткериледи.
IQ тестин өткериў
ҳәм нәтийжелерин баҳалаў сырт ел шөлкеминиң талапларына муўапық әмелге
асырылады.
Тек ғана IQ-тесттен
табыслы өткен абитуриентлерге ЖОО ҳәм бакалавриат тәлим бағдарларын таңлаўда
басқа да тийисли бағдарлар қатарында Ташкент мәмлекетлик университетиниң
"Халықаралық ҳуқық ҳәм салыстырмалы ҳуқықтаныў" ҳәм "Санлы
ҳуқық" тәлим бағдарларын таңлаў имканияты бериледи.
Мағлыўмат ушын,
усы тәлим бағдарларына таңлап алыўда шет тиллери бойынша B2 дәрежесинен төмен
болмаған миллий ямаса тийисли халықаралық сертификат талап етиледи.