Өзбекстан Республикасының "Валютаны тәртипке салыў ҳаққында"ғы нызамының 15-статьясына муўапық, әмелдеги халықаралық операцияларды әмелге асырыў мүнәсибети менен сырт ел валютасын сатып алыў ямаса сатыў шеклеўлерсиз әмелге асырылады.
Онда, арнаўлы валюта есап бетлерине өткерилген қаржылар қатаң түрде талапнамаларда көрсетилген мақсетлер ушын жумсалады.
Бүгинги күнде бир шәртнама шеңберинде сатып алынған валюта қаржыларын басқа шәртнама ушын пайдаланыў зәрүрлиги жүзеге келгенде, клиентлерден усы валютаны банкке сатыў ҳәм жаңа мақсет ушын қайта сатып алыў талап етиледи.
Бул ведомстволық ҳүжжет пенен исбилерменлик субъектлерине қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде ишки валюта базарында сатып алынған валюта қаржыларынан пайдаланыў мақсетлерин өзгертиў имканияты жаратылмақта.