2026-2027-жыллар балықшылық тармағын жедел раўажландырыўдың тийкарғы
дәўири сыпатында белгиленди.
Суў ресурслары шекленген шараятта балықшылық тармағын буннан былай да
раўажландырыў ушын бирден-бир басқарыў системасын енгизиў, балық ҳәм балық
өнимлериниң түрлерин көбейтиў, интенсив технологияларды кеңнен қолланыў,
жетистирилетуғын ҳәм мәденийлестирилетуғын балықлардың көлемин арттырыў
ўазыйпалары қойылмақта.
Аймақлардағы бар жасалма суў бассейнлерин интенсив балықшылыққа
қәнигелестириў есабынан 2026-2027-жылларда балық жетистириў көлемин 500 мың
тоннаға жеткериў мақсет етилген.
2027-жылдан
баслап суўық суўда балық жетистириў республиканың барлық аймақларында
раўажландырылады ҳәм өндирис қуўатлылығы жылына 20 мың тоннаға шекем арттырылады.
Суў объектлерин
ашық-айдын ижараға бериў механизмлерин енгизиў мақсетинде 2027-жыл 1-январьдан
баслап республикадағы суў сақлағышлар, коллектор-дренаж тармақлары ҳәм тәбийғый
суў жыйнаў бассейнлери балықшылық жерлерин жаратыў ушын ашық электрон онлайн-аукцион
арқалы ижараға бериледи.
Балықшылық
тараўында өндирис, есапқа алыў ҳәм қадағалаў процесслерин толық санластырыў
арқалы тараўды басқарыў системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде “e-baliq”
электрон платформасын енгизиў нәзерде тутылған. Ол балықшылықта суў
ресурсларынан пайдаланыў, балық жетистириў көлеми, азық-аўқат тутыныўы ҳәм
пайдаланылатуғын технологиялар ҳаққындағы мағлыўматлардың бирден-бир системасын
жүргизиў, ижараға алынған суў объектлериниң есабын жүргизиў ушын мөлшерленген.
Сондай-ақ,
мәмлекетлик мәкеме сыпатында Балықшылықты раўажландырыў орайы ҳәм оның аймақлық
бөлимлерин шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Орай жанында юридикалық шахс
статусына ийе болмаған Балықшылықты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў қоры
шөлкемлестириледи.
Ҳүжжет пенен
тараў ушын бир қатар субсидиялар белгиленди, атап айтқанда:
қуўатлылығы 50
кВт ға шекем, бирақ 1 кВт ушын 1 млн сумнан аспаған қуяш панельлерин орнатыў
менен байланыслы қәрежетлердиң 25 проценти муғдарында субсидия;
альтернатив
энергия дәреклери менен үскенеленген заманагөй аэраторларды сатып алыў
баҳасының 50 проценти муғдарында, бирақ 5 миллион сумнан көп болмаған муғдарда
бир мәртелик субсидия;
нәсилли қара
маллардың 1 партиясын импорт етиў ушын баҳасының 50 процентине шекемги, бирақ 5
миллион сумнан аспаған муғдарда субсидия ажыратыў.
жабық суў
айланысы системасы технологиясын енгизиў ҳәм аквакултура ислеп шығарыўын
шөлкемлестириўде усы технологияның улыўма баҳасының 10 проценти муғдарында,
бирақ 5 миллиард сумнан көп болмаған муғдарда бир мәртелик компенсация
ажыратылады;
жыллық
қуўатлылығы кеминде 20 мың тонна болған интенсив балықшылықта пайдаланылатуғын
балансланған аралас жем ислеп шығарыў бойынша жаңадан иске қосылған жойбарлар
шеңберинде қәрежетлердиң 20 проценти, бирақ 2 миллиард сумнан көп болмаған
бөлеги қаплап бериледи.
Тастыйықланған:
Қарақалпақстан
Республикасы ҳәм ўәлаятларда балық жетистириўдиң 2026-2027-жылларға
мөлшерленген мақсетли көрсеткишлери ҳәм жуўапкер шахслардың дизими;
Балықшылық
тармағын буннан былай да раўажландырыў, тәбийғый ҳәм жасалма суў бассейнлеринен
пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша "жол картасы";
Балықшылықты
раўажландырыў орайының шөлкемлестириў структурасы.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 04.07.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады “Norma”.