Қарарға муўапық, I
ҳәм II топар тутыныўшылары ушын 1 кВт/саат электр энергиясының баҳасы 1100 сум
етип белгиленген. IV топар
тутыныўшылары ушын да 1 кВт/саат электр энергиясының баҳасы 1100 сум етип
белгиленген.
III топар, соның ишинде, халық ушын
дифференцияласқан тарифлер сақлап қалынған.
Атап айтқанда, аўқат таярлаў ушын орайласқан электр плиталары менен
үскенеленген көп қабатлы турақ жайлар ҳәм жатақханаларда жасайтуғын халық ушын:
Айына 200 кВт саатқа шекем - 325 сум;
201 кВт/сааттан 500 кВт/саатқа шекем - 450 сум;
бир айда 501 кВт/сааттан 1000 кВт саатқа шекем - 550 сум.
Қалған турмыслық тутыныўшылар ушын:
Айына 200 кВт/саатқа шекем - 650 сум;
201 кВт/сааттан 500 кВт/саатқа шекем - 900 сум;
бир айда 501 кВт/сааттан 1000 кВт саатқа шекем - 1100 сўм.
Үлкен көлемде пайдаланыў ушын
арттырыўшы коэффициентли тарифлер сақланып қалынады.
Барлық тәбийғый газ
тутыныўшылары (айырым категориялардан тысқары) ушын 1 куб метр газ баҳасы 2000
сум етип белгиленген.
Автомобиллерге газ қуйыў компрессор
станциялары ушын тариф 1 куб метр ушын 2750 сумды қурайды.
Халық ушын тәбийғый газ
тарифлери де дифференцияласқан тәртипте сақланып қалынбақта:
ысытыў мәўсиминде айына 500
куб метрге шекем,
басқа мәўсимлерде - айына 100
куб метрге шекем, 1 куб метр газдиң баҳасы 1100 сумды қурайды.
Сондай-ақ, қарарда энергия
ресурсларын жеткерип бериўдеги жоғалтыўларды қысқартыў, энергия нәтийжелилигин
арттырыў ҳәм хызметлердиң сапасын жақсылаў бойынша қосымша ўазыйпалар
белгиленген.