Режеге муўапық, 2026-жыл 1-июньнен баслап физикалық
тәреплерди турмыслық газ баллонлары менен тәмийинлеў хызмети тек ғана
Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик
хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы көрсетиледи.
Турмыслық газ баллоны тәбийғый газ бенен тәмийинленбеген
аймақларда жасайтуғын физикалық тәреплерге бериледи.
Ўәкилликли оператор «E-gaz» бағдарламасындағы
мағлыўматларды арза келип түскен күнде қәлиплестиреди.
1 жумыс күни даўамында сораўнамада көрсетилген мағлыўматлар
тексериледи.
Мүрәжат етиўшини турмыслық газ баллоны менен тәмийинлеў
мәселеси 3 жумыс күни даўамында орынларға шыққан ҳалда үйрениледи. Үйрениў
жуўмақлары бойынша акт дүзиледи.
Ҳүжжетте көрсетилген унамлы жуўмақ берилген жағдайда арза
бериўши менен еки нусқада "Турмыслық газ баллонын ўақытша пайдаланыўға
бериў ҳаққында"ғы ҳәм "Суйылтырылған углеводород газын жеткерип бериў
ҳаққында"ғы шәртнамалар дүзиледи.
Шәртнамалар тийкарында мүрәжат етиўшиге Face ID
системасы арқалы суйылтырылған газ жеткерип бериў ушын есап-санақ бериледи ҳәм
12 жумыс күни даўамында 1 дана турмыслық газ баллоны бийпул жеткерип бериледи.