Усы Реже Өзбекстан Республикасында "Ең жақсы метролог" таңлаўын өткериў тәртибин белгилейди.

Режеге бола, "Ең жақсы метролог" сыйлығын алыў ушын таңлаў төмендеги номинациялар бойынша өткериледи:

  • илимий метрология бағдарындағы ең жақсы метролог;
  • әмелий метрология бағдарындағы ең жақсы метролог;
  • ең жақсы жас метролог

"Ең жақсы метролог" сыйлығын бериўдиң тийкарғы нормалары төмендегилерден ибарат:

  • мәмлекетимиз санаатын раўажландырыўдың тийкарғы факторы сыпатында метрология тараўын раўажландырыўға үлес қосыў;
  • метрология, билимлендириў ҳәм социаллық әҳмийетке ийе жумыслардың нәтийжелилиги.

Талабанлар ҳәр жылы 10-апрельге шекем белгиленген ҳүжжетлерди арза менен бирге Таңлаў комиссиясының хаткерине усынады.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәр жылы 20-май қарсаңында салтанатлы жағдайда сыйлықланады.

"Ең жақсы метролог" сыйлығының жеңимпазлары арнаўлы көкирек белгиси ҳәм диплом менен сыйлықланады.