Көкирек белгиси менен мәмлекетимизде интеллектуаллық мүлк тараўын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң хызметкерлери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери сыйлықланады.

Көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққындағы усынысларды көрип шығыў бойынша Комиссия дүзиледи.

Талабанларды көкирек белгиси менен сыйлықлаўда Комиссия тәрепинен төмендегилер есапқа алынады:

интеллектуаллық мүлк тараўын раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыўда қатнасыў;

интеллектуаллық мүлк объектлерин жаратыўды қоллап-қуўатлаў бойынша жумыс;

интеллектуаллық мүлк объектлериниң ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеўде белсене қатнасыў;

жәмийетте интеллектуаллық жумыс нәтийжелерине ҳүрмет сезимин қәлиплестириўге үлес қосыў;

интеллектуаллық мүлк тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўда, соның ишинде, интеллектуаллық мүлк тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында халықаралық жәмийетшиликти хабардар етиўде қатнасыў.

Көкирек белгиси ҳәр жылы 26-апрель - Халықаралық интеллектуаллық мүлк күни алдында салтанатлы жағдайда тапсырылады.

Көкирек белгиси менен сыйлықланған шахсларға БЕМның 4 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық төленеди.