Ўақытша имаратлар тек ғана тәжирийбели қәнигелер тәрепинен орнатылады.

Ўақытша имаратлардың қурылысы жойбар ҳүжжетлери тийкарында әмелге асырылады.

Ўақтыша имаратлар самал, жаўын-шашын, жер силкиниў сыяқлы тәсирлерге шыдамлы болыўы керек.

Ўақтынша имаратларда өтиў жолларының узынлығы 30 м ден артық болғанда, олардың кеңлиги 1,6 м, узынлығы 30 м ден кем болғанда, өтиў жолларының кеңлиги 1,2 м ден кем болмаўи керек.

Ўақытша имаратларда отырғызатуғын орынлықлар қатарынан шығыў бир тәреплеме ямаса еки тәреплеме болған жағдайларда олардағы орынлар саны 50 ден аспаўы керек.

Ўақытша имаратларда отырғышлардың алдынғи ҳәм артқы қатарлары арасындағы аралық 0,45 м ден аспаўы, қатарлар арасындағы өтиў жолларының кеңлиги болса 0,9 м ден кем болмаўи керек.

Ўақытша имаратлардың металл конструкциялары коррозияға қарсы, ағаш конструкциялары болса өрттен қорғаўшы қапламаға ийе болыўы керек.

Ўақытша имаратларда қәўипсизлик белгилери орнатылыўы керек ("Абайлы болың, электр токынан зыянланыў қәўпи бар!", "Эвакуация жолы" ҳәм басқалар).

Соның менен бирге, ўақытша имаратларда эвакуация жолларының (шығыў жолларының) болыўы шәрт, адамлардың қәўипсиз ҳәрекетлениўи ушын шараятлар жаратылыўы ҳәм айрықша жағдайларда оларды жеделлик пенен эвакуациялаў имканияты тәмийинлениўи керек.