"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, дем алыс күнлери республика
бойынша түнде ҳаўаның температурасы 18-21гр жыллыға шекем, күндиз 32-35гр
жыллыға шекем, қублада 37-40гр жыллыға шекем бираз төменлеўи күтилмекте.
Көпшилик ўәлаятларда жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы сақланып турады, тек ғана
Ферғана ойпатында 22-август күни айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын-шашын
болыўы мүмкин.
Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи,
22-август күни республика қубласында самалдың тезлиги 22-25 м/с қа шекем
күшейиўи мүмкин.
Ташкент қаласында
ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды.
Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, самалдың тезлиги 10-12 м/с қа
шекем күшейиўи, қаланың айрым аймақларында шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.
Ҳаўаның
температурасы бүгин күндиз - 36-38о, дем алыс күнлери - 32-35о. Түнде 18-21о.