Бул ҳаққында Хорватия радио ҳәм телевидениеси (HRT) хабар бермекте, деп жазбақта “Report”.
"Загребтен шама менен 65 км узақлықта жайласқан
Свети-Иван-Жабно муниципалитетинде жолаўшы ҳәм жүк поездлары соқлығысқан. Ўақыя
орнына барлық айрықша жағдайлар хызметлери жетип барған, ҳәзирше соқлығысыўдың
себеби анықланбақта", делинеди хабарда.
Хорватия қыстаўлы медициналық институтының
мағлыўматларына бола, ўақыя ақыбетинде 24 адам жарақатланған, олардың барлығына
медициналық жәрдем көрсетилген. Емлеўханаларда 12 адамның емлениўи даўам
етпекте, олардың үшеўиниң жағдайы аўыр.
Хорватия транспорт министри ҳәм бас министрдиң
орынбасары Олег Бутковичтиң мәлим етиўинше, ҳәдийсе жақында қурылған ҳәм
оңланған темир жолда жүз берген, жолаўшы тасыўшы электропоезд жақында пайдаланыўға
тапсырылған. Усы мүнәсибет пенен ол аварияның себеплеринен бири сыпатында ҳәр
қандай насазлықларды шығарып таслады.
Тилекке қарсы, инсан факторы барлық ўақытта бар, бирақ
тергеў жуўмақланыўын күте турайық, кейин ҳәрекет етемиз", - деп жуўмақлады
ол.
Тексериў жуўмақланғаннан соң поездлардың ҳәрекети
тикленеди, деп қосымша етти министр.