Жол-транспорт ҳәдийсеси ўақтында 120 жолаўшы болған поезд Люблиннен Шецин қаласына қарай кетип баратырған еди, деп жазады “Report” “Euronews” хабарына тийкарланып.

Соқлығысыўдан соң локомотив бир қапталға аўдарылып, бир неше вагонлар рельслерден шығып кеткен. Атап өтилиўинше, жәбирленген 20 пуқараның төртеўиниң жағдайы аўыр.

Ўақыя шараяты ҳәм себеплери анықланбақта.