Мәресимде Ферғана ўәлаяты
ҳәкими Хайрулло Бозоров, исбилермен ҳәм инвесторлар, жәмийетшилик ўәкиллери, нураныйлар
қатнасты.
Илажда шығып сөйлеген ўәлаят
ҳәкими қатнасыўшыларды Өзбекстан мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы менен
қутлықлады. Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар
барлық тараўларда, соның ишинде, Ёзёвон районында да әмелге асырылып атырған
бир қатар ири дөретиўшилик жумысларында өзиниң әмелий көринисин таўып атырғанын
атап өтти.
Экологиялық таза транспортты
раўажландырыў, альтернатив энергия дәреклерин кеңейтиў мәселелерине айрықша
итибар қаратылды. Ёзёвондағы жаңа жойбар бул бағдардағы әмелий қәдемлерден бири
болатуғыны атап өтилди. Биринши басқышта электробуслар, кейин ала
электр жүк автомобильлерин ислеп шығарыў режелестирилген.
Жойбар "Ижодкор" мәҳәллесиндеги арнаўлы
санаат зонасының 10 гектар майданында әмелге асырылмақта. Жойбардың улыўма
баҳасы 170 миллион АҚШ долларын қурайды.
Жойбар шеңберинде жылына 700 дана электробус ислеп
шығарыў қуўатлылығы жаратылады. Кәрхананы 2027-жыл декабрьде иске қосыў
режелестирилген. Ислеп шығарылған өнимлер ишки базарға жеткерип берилиўи менен
бирге сырт мәмлекетлерге экспорт етиледи.
Жойбардың әмелге асырылыўы Ферғана ўәлаятының санаат
потенциалын арттырыў, заманагөй экологиялық таза техникалар ислеп шығарыўды
кеңейтиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.
Илаж даўамында II дәрежели "Саламат әўлад
ушын" ордениниң ийеси, шайыр Ўктамхон Солиева да шығып сөйледи. Район
белсендилери ҳәм нураныйлар атынан әмелге асырылып атырған реформалар,
жаратылып атырған имканиятлар ушын Өзбекстан Президентине миннетдаршылық
билдирди.
Илаж жуўмағында болажақ кәрханаға тырнақ тасын қойыў
мәресими болып өтти ҳәм қурылыс жумыслары рәсмий түрде басланды.