Бул илажлар, бәринен бурын, муқаддес Мекке қаласының
аймағына кириўди қатаң қадағалаўға алыўға қаратылған, деп хабар бермекте
"Дунё" МА.
Жаңа қағыйдаларға бола, 2026-жыл 13-апрельден баслап тек
ғана арнаўлы рухсатнама менен Меккеге кириў мүмкин болады.
Тек ғана Мекке қаласында жасап атырғанлығы ҳаққында рәсмий
ҳүжжетке ийе болғанлар, рәсмий ҳаж рухсатнамасына ийе болғанлар, сондай-ақ, «Tasrih»,
«Absher Afrad» ҳәм «Bawaba Muqim» платформалары арқалы берилген арнаўлы
электрон жумыс рухсатнамасына ийе болған хызметкерлер кириў ҳуқықына ийе
болады.
Сондай-ақ, 2026-жыл 18-апрельден баслап барлық түрдеги виза
ийелери ушын (Ҳаж визасынан тысқары) Меккеге кириў ҳәм болыў қадаған етиледи.
Ҳаж визасы арқалы келген зыяратшылар ушын мәмлекеттен шығыўдың соңғы мүддети -
2026-жыл 18-апрель етип белгиленди. 18-апрельден 31-майға шекем Ҳаж
рухсатнамасын бериў ўақтынша тоқтатылады.
Атап өтилиўинше, қағыйдаларға әмел етпегенлик ушын қатаң
жәрийма санкциялары белгиленген. Атап айтқанда, ҳаж әййямында белгиленген
талапларды бузған ямаса бузылыўына себепши болған шахсларға 20 мың сауди
риялдың (шама менен 5,5 мың АҚШ доллары) муғдарында жәрийма салыныўы мүмкин.
18-апрельден 31-майға шекемги аралықта зыяратшыларды
нызамсыз тасыў, жасырыў ямаса оларға жәрдем бергени ушын 100 мың сауди риялдың
(шама менен 26,5 мың АҚШ доллары) муғдарында жәрийма белгиленген. Ҳуқықбузарлар
мәмлекеттен шығарып жиберилиўи ҳәм 10 жылға шекем мәмлекетке кириў ҳуқықынан
айырылыўы мүмкин. Нызамсыз тасыўда пайдаланылған транспорт қураллары
конфискация етиледи.
Саудия Арабстаны Ишки ислер министрлиги барлық пуқаралар ҳәм
зыяратшыларды белгиленген қағыйдаларға қатаң әмел етиўге шақырды.
Ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар бериў ушын арнаўлы байланыс номерлери
киргизилген. Пуқаралар Мекке қаласы аймағындағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында 911
номерине мүрәжат етиўи мүмкин.
Өзбекстан пуқараларына тек ғана рәсмий ҳәм нызамлы тәртипте
Ҳаж әмеллерин орынлаў усыныс етиледи. Рухсатнамасыз ҳәрекет етиў тек ғана
қаржылай жәриймаға себеп болмай, ал мәмлекеттен шығарып жибериў ҳәм узақ
мүддетке мәмлекетке кириў қадаған етилиўи мүмкин.