Бул өзгерислер тийкарынан талабанлардың дипломы орнына әмелий көнликпелер, өз бетинше үйрениў қәбилети, қыйын жағдайларда шешим табыў потенциалы шыққанында көринди. Бул жағдай бүгин глобал тенденцияға айланып үлгерген ҳәм ол кәсиплердиң тез алмасыўы, бар көнликпелердиң қысқа мүддетте ескиргени ҳәм жаңа компетенцияларға талап кескин артып атырғаны менен түсиндирилип атыр.

Усы жерде сораў туўылады. Егер дүньяның ең алдынғы компаниялары дипломды екилемши фактор сыпатында көре баслаған болса, дәстүрий билимлендириў системасы неге сүйенип өз әҳмийетин сақлап қалыўы мүмкин? Ҳәзирги күнге келип әне усы мәселе бизиң ишки системамызға да тиккелей тийисли. Себеби билимлендириў еле де көп жағдайларда жуўмақлаўшы нәтийже сыпатында диплом бериўге бағдарланған, процесстиң өзи болса тез өзгериўшең орталыққа таярлаўдан гөре бар билимлерди жеткериўге қаратылған формада қалмақта. Усы айырмашылық кем-кем тереңлесип баратырған ўақытта билимлендириўдиң тийкарғы ўазыйпасы ҳаққында қайта ойлап көриў зәрүрлиги пайда болады.

Бүгин мийнет базарында үзликсиз жылжыўлар, өзгерислер ҳүким сүреди. Бир ўақытлары анық шегараларға ийе болған кәсиплер әсте-ақырын түрде жаңаланбақта, олардың орнында болса түрли көнликпелер кесилиспесинде қәлиплесип атырған жаңа искерлик түрлери пайда болмақта. Жасалма интеллект мине усы процесстиң орайында тур. Ол инсан атқарып келген көплеген ўазыйпаларды өз мойнына алды. Соның менен бирге, мийнет базарында өзине тән жаңа бослық жаратты. Енди мәселе нени орынлаў емес, қалай орынлаў ҳаққында болып атыр. Стандарт ўазыйпалар қәдирсизленип барар екен, анық емес жағдайларда ҳәрекет ете алыў қәбилети тийкарғы критерияға айланды.

Мийнет базары усы тәризде инсаннан бейимлесиўшеңликти, пикирлеў шеңбериниң кеңлигин талап етпекте. Ҳәр бир жаңа жағдай алдынғы тәжирийбени қайталаўды емес, ал оны қайта талқылаўды талап ететуғын дәўир бул. Соның ушын, дөретиўшилик пикирлеў, сын көзқарастан таллаў, қурамалы машқалаларды бир неше призмадан көре алыў қәбилети ҳәзир, әсиресе, қәдирленеди. Жаңа социаллық ҳақыйқатлық сондай қәлиплеспекте, ол жерде анықлықтан гөре анықсызлық үстин, таяр жолдан гөре излениў әҳмийетлирек, ақырғы нәтийжеге қарағанда процесстиң өзи әҳмийетлирек. Усы тәризде билимлендириўдиң ески модели барған сайын көбирек сораўларға себеп болып атырған болса, жаңа модель еле толық қәлиплесип үлгермей-ақ, оның контурлары кем-кемнен көзге тасланып қалды.

Мине, усылардың барлығын нәзерде тутқан ҳалда халықаралық тәжирийбелер, атап айтқанда, экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыўға байланыслы алдынғы көзқараслар билимлендириўди компетенциялық тийкарда қайта қурыў зәрүрлигин көрсетпекте. Бунда билим бериў процеси тек билим бериў менен шекленбей, оған шахстың көнликпелери, қәдириятлары ҳәм социаллық жуўапкершилигин қәлиплестириўге қаратылған комплексли система сыпатында қаралады. Бул заманагөй билимлендириў парадигмасында "оқыўшы белсендилиги" (student agency) түсиниги орайлық орынды ийелейди. Оған көре, билим алыўшы пассив информация қабыл етиўши емес, керисинше, өз өмири ҳәм қарарлары ушын жуўапкер белсенди субъект сыпатында көринеди.

Педагогтың роли де түп-тийкарынан өзгермекте. Енди оқытыўшы дәстүрий мәнисте билим жеткериўши болып қалмастан, билимлендириў процесин шөлкемлестириўши, жол көрсетиўши ҳәм жеке раўажланыўды хошаметлеўши фасилитатор, яғный шын мәнисте бағдарлаўшы ўазыйпасын да атқарыўы керек. Санлы ҳәм технологиялық саўатлылықты сиңдириў, дөретиўшилик ҳәм сын көзқарастан пикирлеўди хошаметлеў, “lifelong learning” - өмир бойы үйрениў көнликпесин қәлиплестириў сыяқлы ўазыйпалар әйне педагог жумысы арқалы турмысқа енгизиледи. Ол сабақ процесин әпиўайы информация бериў шеңберинен шығарып, оқыўшыны өз бетинше излениўге, қурамалы машқалаларды шешиўге ҳәм тийкарлы қарарлар қабыл етиўге бағдарлайды, сол арқалы социаллық-экономикалық турақлылыққа хызмет етиўши компетенциялар тәбийғый түрде қәлиплеседи.

Демек, жасалма интеллект раўажланыўы шараятында билимлендириў системасында тек ғана технологиялық жаңаланыў менен шекленип қалыў жетерли емес. Тийкарғы итибар инсанның руўхый-әдеп-икрамлылық раўажланыўы, турмыс мазмунын аңлаўы ҳәм жәмийеттеги орнын белгилей алыў қәбилетине қаратылыўы лазым. Заманагөй билимлендириў сиясаты ҳәм әмелияты таяр билим бериў моделинен ўаз кешип, жаңа билим жарата алатуғын инсанларды тәрбиялаўға бағдарланыўы зәрүр. Сонда ғана билимлендириў системасы жедел өзгерип атырған дүнья талапларына мүнәсип жуўап бере алады.

Икромжон РАҲИМОВ,

Низамий атындағы Өзбекстан миллий педагогика университети

оқыў-методикалық басқармасы баслығының орынбасары