Мәмлекетимиз басшысы комбинат жәмәәтин, мийнет ветеранларын ҳәм сырт елли шериклерди усы қутлы сәне менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде кән-металлургия тармағын сапа жағынан жаңа технологиялық басқышқа алып шығыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта.

Соңғы он жылда тараўға дерлик 2 миллиард доллар сырт ел инвестициялары кирип келди, 31 ири қуўатлық иске қосылды. Жеке меншик секторға қолайлы шараят жаратылғаны нәтийжесинде тармақ кәрханаларының саны 150 ден асты.

Усы дәўирде жергиликли металл өнимлериниң жыллық көлеми 3 миллион тоннаға, баҳасы болса 23 триллион сумға жетти. Салыстырыў ушын: 2016-жылы 1,5 триллион сумлық 800 мың тонна өним ислеп шығарылған.

Бурын тек ғана қурылыс тараўы ушын металл прокатын жеткерип берип келген тармақ бүгинги күнде машина қурылысы, электротехника ҳәм қорғаныў санааты, энергетика сыяқлы жедел раўажланып атырған тармақлар ушын 80 түрдеги жаңа өнимлер ислеп шығармақта.

Президентимиз металлурглардың мийнети Жаңа Өзбекстанның заманагөй келбетин қәлиплестириў, үлкен дөретиўшилик жойбарларын әмелге асырыў ҳәм экономика тармақларын раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Мәмлекетимиз экономикасын технологиялық ҳәм инновациялық раўажланыў модельине өткериў, 2030-жылға шекем жалпы ишки өним көлемин 240 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Келеси бес жылда экономикаға 180 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бойынша 27 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырыў, 800 мың шаңараққа мөлшерленген көп қабатлы турақ жайлар қурыў режелестирилген.

Бундай үлкен шеклер металл өнимлерине болған талапты ҳәзиргиге салыстырғанда 1,5 есеге арттырады.

Бул бағдарда 5,5 мыңнан аслам жәмлескен ҳәм пидайы хызметкерлерден ибарат Өзбекстан металлургия комбинатының орны айрықша атап өтилди.

Жаңа қуйыў-прокатлаў комплекси комбинатта энергияны үнемлейтуғын технологиялар ҳәм санлы шешимлерди енгизиў, мийнет өнимдарлығын ҳәм ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасын арттырыў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа көтереди.

Бул комплекс елимизде биринши мәрте ыссы жайылған листли прокат ислеп шығарыў жойбары сыпатында тарийхқа киреди.

Комплекс пайдаланыўға тапсырылғаннан соң, жылына улыўма баҳасы 8 триллион сумлық 1 миллион тонна ыссы прокат листлер ислеп шығарылады. Бул Ташкент ҳәм Самарқанд металлургия заводларының листли прокатқа болған талабын толық қаплаў имканиятын береди. Сондай-ақ, 1 мың 200 жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы комплексти қурыўда қатнасқан қурылысшы ҳәм инженерлерге, технолог ҳәм машинистлерге, жумысшы-хызметкерлерге, мийнет ветеранларына, сырт елли бирге ислесиўшилерге миннетдаршылық билдирди.

Салтанатлы мәресимде Өзбекстан металлургия комбинатын раўажландырыў бойынша алдағы режелер де белгилеп алынды.

Комбинаттың талабын жергиликли шийки зат есабынан қаплаў биринши гезектеги ўазыйпа болатуғыны атап өтилди. Елимизде 1,5 миллиард тонна темир рудасы резерви бар.

Келеси үш-төрт жылда "Тебинбулақ" кәнин иске қосыў есабынан полат ислеп шығарыў көлемин жылына 1 миллион тоннаға жеткериў режелестирилген.

"Сурун-ата" кәниниң рудасын байытыў есабынан жылына 600 мың тонна темир рудасы шийки затын ислеп шығарыў жолға қойылады. Оны қайта ислеў ушын комбинат аймағында баҳасы 180 миллион доллар болған заманагөй металлургия заводының қурылысы басланады.

Келеси үш жылда 30 миллион доллар инвестиция есабынан полат шар ислеп шығарыў линиялары басқышпа-басқыш модернизацияланып, олардың қуўатлылығы жылына 250 мың тоннадан 500 мың тоннаға жеткериледи.

Сондай-ақ, комбинат аймағында "Өзбекстан экологиялық технологиялары санаат парки" шөлкемлестириледи.

Усы жылдың өзинде бул санаат паркинде үлкен диаметрли қубырлар, көпирли кранлар ҳәм фильтрлеў үскенелерин ислеп шығарыў бойынша улыўма баҳасы 70 миллион долларлық 6 жойбардың әмелге асырылыўы басланады. Олардың әмелге асырылыўы және 660 жоқары дәраматлы жумыс орнын жаратыў имканиятын береди.

Президентимиз металлургия машақатлы, бирақ мақтанышлы тараў екенин, комбинат жәмәәтиниң машақатлы ҳәм пидайы мийнети ең жоқары ҳүрмет ҳәм итибарға ылайық екенин атап өтти.

Дерлик бир әсирлик тарийхқа ийе устазлық дәстүрине тийкарланған комбинат қәнигелериниң билими, тәжирийбеси ҳәм жоқары профессионаллығы көплеген мийнет жәмәәтлери ушын мүнәсип ибрат болып хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, жаңа қуйыў-прокатлаў комплексиниң жумысына старт берди.

Тараў ветеранлары, комбинат хызметкерлери ҳәм сырт елли шериклер менен сәўбетлести.