Өзбекстан ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң бул абырайлы институты арасындағы көп қырлы шерикликти буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Халықаралық структура менен әмелий бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Халықаралық ислам академиясы жанында ICESCO кафедрасы жумыс алып бармақта. Усы жылы Ташкентте шөлкемниң офиси ашылды. Ислам дүньясы мәдений мийрасы комитетиниң февраль айында болып өткен гезектеги мәжилиси жуўмағында елимиздиң материаллық ҳәм материаллық емес мәдений мийрасының 7 объекти ICESCO дизимине киргизилди.

Ушырасыўда мәдений естеликлер ҳәм қолжазбаларды реставрациялаў, қорғаў ҳәм санластырыў, мәмлекетимиздиң бай тарийхый мийрасын халықаралық медиа платформалар арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм қоспа илажлар өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў соңында Өзбекстан Президенти елимиздиң бай мәдений мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаўға қосқан жеке үлеси ушын Салим ал-Маликти мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы - "Дўстлик" ордени менен сыйлықлады.