Өзбекстан – Қырғызстан ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде Өзбекстан – Қырғызстан қатнасықлары ҳәр қашанғыдан да жоқары дәрежеге көтерилгенин айрықша атап өтти.

Соӊғы жыллары өз-ара товар алмасыў көлеми дерлик 10 есеге артып, өткен жылдың жуўмағы менен 1,2 миллиард долларға жетти. 450 қоспа кәрхана шөлкемлестирилди, кооперациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған Раўажланыў фонды нәтийжели жумыс алып бармақта.

Қалалар арасында 15 авиақатнаў, 5 автобус жөнелиси жолға қойылған.

Бул ретки сапар етиў алдынан Ҳүкиметлераралық комиссия, Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери, бизнес форум, ректорлар ҳәм таллаў орайлары ўәкиллериниң ушырасыўлары, Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм басқа да бир қатар илажлар табыслы өткерилди.

Сөйлесиўлер даўамында тәреплер парламентлер, ҳүкиметлер, министрликлер, уйымлар ҳәм аймақлар, исбилермен топарлар ҳәм экспертлер дәрежесинде жедел байланысларды даўам еттириўге келисип алды. Мәмлекетлер аралық кеңес дүзиўге қарар етилди.

Халықаралық ҳәм регионаллық структуралар, соның ишинде, БМШ, ШБШ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм басқа да көп тәреплеме платформалар шеңберинде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өз-ара саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасынан келип шығып, жақын арада импорттың орнын жедел басыў тийкарында өз-ара өним жеткерип бериў көлемлерин арттырыў илажлары көриледи. Сондай-ақ, еки мәмлекет пайтахтларында саўда үйлери ҳәм ўәкилханалары ашылады.

Тийкарғы бағдарларда санаат кооперациясын тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Онда энергетика, геология, әҳмийетли минераллар, логистика, аўыл хожалығы, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.

Күни кеше болып өткен бизнес форум шеңберинде жаңа саўда шәртнамалары ҳәм инвестициялық келисимлердиң топламы қабыл етилди.

Энергетика тараўындағы бирге ислесиў стратегиялық бағдар сыпатында белгиленди. Қамбарата ГЭС-1 қурылысы жойбары бойынша келисимге имканы барынша тезирек қол қойып, оны әмелий басқышқа өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

“Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жолын қурыў бойынша әмелге асырылып атырған ири жойбардың ҳәзирги жағдайы бойынша пикир алысылды.

Транспорт тараўында өз-ара байланыслылықты беккемлеў мақсетинде бул темир жол бойлап шегараалды ҳәм саўда-логистика инфраструктурасын раўажландырыў, руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын санластырыў, автотранспорт тасыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға келисип алынды.

Еки мәмлекет аймақлары саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң өсиў ноқатлары екени атап өтилди.

Бул бағдарда усы жылдың ақырына шекем барлық ўәлаятлардың қатнасыўында биринши Аймақлар форумы өткерилетуғыны ҳәм олардың өз-ара сапарлары кестесиниң тастыйықланатуғыны белгилеп алынды.

Мәденият, жаслар, туризм, билимлендириў, илим ҳәм спорт тараўларындағы жедел алмасыўлар даўам еттириледи.

Сөйлесиўлер даўамында Бас министрдиң орынбасарларының саўда-экономикалық күн тәртиби бойынша анық усынысларды өз ишине алған мәлимлемелери тыңланды.

Жуўмағында Шавкат Мирзиёев Садир Жапаровты өзи ушын қолайлы ўақытта Өзбекстанға сапар менен келиўге мирәт етти.