Бул ҳаққында гидрометеорология хызмети оператив мәлимлеме берди.
Мәлим етилиўинше, 3-4-октябрь күнлери арқа ҳәм шөл аймақларында, 4-5-октябрь күнлери болса мәмлекеттиң қалған аймақларында жаўын жаўады. Айырым жерлерде жаўын-шашын күшли болыўы мүмкин. Бийик таўлы аймақларда жаўын қарға айланады.
Ҳаўаның температурасы әсте-ақырын төменлеп, күндиз 15-20 градус, түнде 5-10 градус жыллы болады. Арқа аймақларда болса күндиз 12-17 градус, түнде 2-7 градус жыллы температура бақланады.
3-4-октябрь күнлери республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги секундына 13-18 метрге шекем күшееди. Айырым аймақларда болса шаң-тозаң менен бирге самал тезлиги секундына 20-22 метрге шекем жетиўи мүмкин.
Сондай-ақ, 5-6-октябрь күнлери республиканың айырым аймақларында думан түсиўи күтилмекте.