60 кг салмақ категориясындағы финалда Алишер Ғаниев КХДР ўәкили Се Ун Ри үстинен исенимли жеңиске ерисип, Азия чемпионы болды.

Буннан тысқары, 72 килограммға шекемги салмақ категориясында бронза медалы ушын өткерилген беллесиўде Шаҳзод Қочқоров япониялы Тайши Нарикунни жеңип, бронза медалын қолға киргизди ҳәм континент бириншилигиниң сыйлы орын ийелери қатарына қосылды.

Палўанларымыздың табыслы шығыўы Өзбекстан сайланды командасының халықаралық майдандағы таярлығы жоқары дәрежеде екенин және бир мәрте тастыйықлады.