Нызам ҳүжжетлерине киргизилген қосымшаларға бола, мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахслары тәрепинен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына нызамға қайшы түрде араласыў:

БЕМның 7 есесинен 10 есесине шекем жәрийма салыўға себеп болыўы белгиленди.

Сондай-ақ, қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў тәртибин бузыў:

пуқараларға БЕМның 3 есесинен 5 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса - 5 есесинен 7 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болыўы нәзерде тутылды.

Буннан тысқары, қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў тәртиби анық белгиленди.

Оған бола, қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў белгили бир қәўендерлик алыўшылардың мәплерин гөзлеп, алдыннан жәрияланған мүддет даўамында әмелге асырылады.

Қәўендерлик шөлкемлери тәрепинен қәўендерлик қайырқомлықларын нақ пул формасында жыйнаў тек ғана қайырқомлық қутысы жәрдеминде әмелге асырылады.

Бирақ буннан нақ пул түриндеги қәўендерлик қайырқомлықларын олардың банк есап бетлерине нызамшылықта белгиленген тәртипте өткериў жағдайлары буған кирмейди.

Қайырқомлық қутысы ашық, тынық болыўы ҳәм оны ашыў орны тийисли белгиленген шахслар тәрепинен қол қойылған ҳәм мөрленген қағазлы пломба ямаса номерленген пломба менен пломбаланған болыўы шәрт.