Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қоры шөлкемлестириледи

    "Эл-юрт умиди" қоры Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қоры етип қайта шөлкемлестирилди.

    Президенттиң "Қәбилетли қәнигелердиң сырт елде билим алыўын қоллап-қуўатлаў, оларда кәсиплик шеберлигин раўажландырыў ҳәм хошаметлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы (ПП-77-санлы, 05.05.2025 ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға муўапық, "Эл-юрт умиди" қоры Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қоры етип қайта шөлкемлестирилди.

    "Эл-юрт умиди" қорының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер белгиленди:

    профессионал, терең билимге ийе, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланған кадрларға болған талапты үйренип барыў;

    талабанларды министрлик, уйым ҳәм экономика тармақларының стратегиялық кәрханаларының талапларына сәйкес түрде профессионал бағдарлаў;

    стипендиатлардың Өзбекстанға қайтқанынан соң мийнет етиўи ҳәм социаллық қорғалыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў және оларды қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар киргизиў;

    мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы унамлы имиджин және де арттырыў ушын стипендиатлар потенциалынан нәтийжели пайдаланыў.

    2025-жыл 1-сентябрьден баслап:

    министрлик, уйым, экономика тармақларының стратегиялық кәрханалары арасынан мақсетли стажировкаға жиберилетуғын талабанлардың дизими қәлиплестириледи;

    стажировка шөлкемлестирилетуғын сырт ел шөлкемлери ҳәм стажировка мүддети буйыртпашылар, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм "Эл-юрт умиди" қоры тәрепинен белгиленеди;

    мақсетли стажировкаға жиберилетуғын қәнигелердиң стажировка өтеўде зәрүр болатуғын шет тилин үйрениўи ушын министрлик, уйым ҳәм экономика тармақларының стратегиялық кәрханалары тәрепинен тийисли шараятлар жаратып бериледи.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates