Шаңарақлық поликлиникаларда медицина хызметкерлери тек ғана толық ставкада жумыс алып барады

    Шаңарақлық поликлиникадан 10 километрден узақта жайласқан мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы халық ушын медицина хызметкерлериниң көшпели медициналық хызмети жолға қойылады.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Республикада денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў принциплерин жетилистириў арқалы тараўды реформалаўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем системасында төмендегилер жолға қойылады, соның ишинде:

    шаңарақлық поликлиникалар, шаңарақлық шыпакер пунктлери, соның ишинде, оларға филиал сыпатында бириктирилген мәкемелер және мәҳәлле медициналық пунктлери бириктирилген халықтың санынан келип шығып, юридикалық статусқа ийе шаңарақлық поликлиникаларға және олардың филиалларына айландырылады;

    шаңарақлық поликлиникаларда халыққа медициналық жәрдем көрсетиўши шаңарақлық шыпакер, педиатр, акушер-гинеколог ҳәм диагностика хызметлерин көрсетиўши қәнигелер, сондай-ақ, аутсорсинг тийкарында стоматология хызмети жолға қойылады;

    халыққа шаңарақлық шыпакерди еркин таңлаў ҳуқықы бериледи.

    Сондай-ақ, медицина бригадасына 3 мың, зәрүр жағдайларда, белгиленген нормаларға қосымша халық бириктирилиўи мүмкин. Онда 2030-жылға шекем 1 медициналық бригадаға көби менен 1,7 мың халықты бириктириў стратегиялық мақсет етип белгиленеди.

    Шаңарақлық поликлиникаларда медицина хызметкерлери тек ғана толық ставкада жумыс ислейди.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates