Сюжетте атап өтилиўинше, әпиў етиў акти исленген жынаят фактин бийкарламайды, керисинше "айыбын аңлаған, қылмысынан пушайман болған ҳәм өзин жақсылаў тилегин дәлиллеген шахслар ушын имканият" есапланады.

Ҳүжжет пенен 523 судланған әпиў етилди. Әпиў етилгенлердиң улыўма санынан:

  • 195 шахс жазадан пүткиллей азат етилди;
  • 147 - шәртли-ерте;
  • 87 синиң жазасы жеңилиреги менен алмастырылды;
  • 94 адамның қамақ мүддети қысқартылды.

Әпиў етилгенлер арасында:

  • 45 ҳаял-қыз;
  • 60 жастан асқан 31 адам;
  • 30 жасқа шекемги 220 адам, соның ишинде, бир жас өспирим;
  • 8 сырт ел пуқарасы, атап айтқанда, Тәжикстаннан 6 ҳәм Сьерра Леонеден 1 пуқара;
  • 15 алдын қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахс.

Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде прокуратура ҳәм тийисли уйымлар тәрепинен азат етилген шахсларды жасаў орнына жеткериў, сондай-ақ, сырт ел пуқараларын белгиленген тәртипте өз ўатанына депортациялаў жумыслары шөлкемлестирилди.

Барлық еркинен айырылғанлар профильактика ҳәм сынақ дәптерине жайластырылады. Оларға бир мәртелик материаллық жәрдем, зәрүр жағдайларда - тереңлестирилген медициналық тексериўден өтиў ҳәм емлениў, жумысқа жайласыў, кредит ҳәм субсидиялар алыў, сондай-ақ, пуқаралық ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәм пенсия алыўда жәрдем көрсетиледи.