11-февраль күнги ҳаўа-райы мағлыўматы жәрияланды

    10 ақпан 2025 702

    Ертең Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде қар жаўады. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиўи қәўпи бар.

    "Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты менен қар жаўады, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-2 градус суўық, күндиз 1-3 градус жыллы болады.

    Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

    ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде бираз қар жаўады. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндиз 0-5 градус суўық.

    Бухара, Наўайы ўәлаятлары;

    ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде бираз қар жаўып, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндиз 0-5 градус суўық.

    Ташкент, Самарқанд, Сырдәрья, Жиззақ ўәлаятлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде ўақты-ўақты менен жаўын-шашын, тийкарынан қар көринисинде жаўын-шашын болады, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

    Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде ўақты-ўақты менен, тийкарынан қар көринисиндеги жаўын-шашын болады. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

    Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде ўақты-ўақты менен жаўын-шашын, тийкарынан қар көринисинде жаўын-шашын болады, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

    Республиканың таўлы аймақлары;

    ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиўи қәўпи бар. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 7-12гр суўық, күндиз 0-5гр суўық болады.