"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты менен қар жаўады, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-2 градус суўық, күндиз 1-3 градус жыллы болады.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде бираз қар жаўады. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндиз 0-5 градус суўық.

Бухара, Наўайы ўәлаятлары;

ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде бираз қар жаўып, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндиз 0-5 градус суўық.

Ташкент, Самарқанд, Сырдәрья, Жиззақ ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде ўақты-ўақты менен жаўын-шашын, тийкарынан қар көринисинде жаўын-шашын болады, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде ўақты-ўақты менен, тийкарынан қар көринисиндеги жаўын-шашын болады. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде ўақты-ўақты менен жаўын-шашын, тийкарынан қар көринисинде жаўын-шашын болады, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Республиканың таўлы аймақлары;

ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиўи қәўпи бар. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 7-12гр суўық, күндиз 0-5гр суўық болады.