Қарарға бола, улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыўшыларды медициналық тексериўлерден өткериўде олардың физиология ҳәм антропометрия жағдайын баҳалаў арқалы спорт түрине болған қәбилетин анықлаў ҳәм спортқа бағдарлаў бойынша электрон система жолға қойылады.
2025/2026-оқыў жылынан ҳәр жылы 1 мәрте мектеп мийирбийкелери ушын оқыўшылардың физиологиялық ҳәм антропометрикалық көрсеткишлерин анықлаў бойынша оқыў-семинарлар шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, оқыўшыларды медициналық тексериўден өткериў арқалы олардың физиологиялық ҳәм антропометрикалық көрсеткишлери қәлиплестирилип, "Электрон денсаўлықты сақлаў" мәлимлеме системасына киргизиледи.
“ERP-maktab” мәлимлеме системасында оқыўшылардың физиологиялық ҳәм антропометрикалық көрсеткишлери тийкарында олардың спорт түрине болған қызығыўшылығы анықланады ҳәм системада жазып алынады.