Бухара ўәлаяты санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў ҳәм туризм тараўларында басқа аймақлардан қалыспайтуғын үлкен потенциалға ийе. Бул жерде 2 ири нефть-газ-химия кәрханасы жумыс алып бармақта, және бири қурылыс процесинде. Буннан тысқары, улыўма қуўатлылығы 4,5 гигаватт болған 5,2 миллиард долларлық 10 ири қуяш ҳәм самал электр станцияларының қурылысы жедел алып барылмақта.

2025-жылы жалпы аймақлық өним 7,2 процентке артып, 86,6 триллион сумды, санаатта 7,1 процент, аўыл хожалығында 4,3 процент, хызметлер тараўында 14 процентти қураған. Жумыссызлық дәрежеси 2024-жылға салыстырғанда 4,7 процентке, кәмбағаллық 6 процентке азайды.

Мәжилисте Бухара ўәлаятын 2026-жылға мөлшерленген социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери додаланды. Атап айтқанда, жалпы аймақлық өним көлемин 9,1 процентке жеткерип, 102,1 триллион сумға жеткериў, санаатты 9,1 процентке, аўыл хожалығын 5,9 процентке, хызметлер тараўын 20,1 процентке арттырыў ўазыйпасы қойылды. Жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты 2 процентке шекем қысқартыў, 381,5 мың халықты дәрамат дәреги менен тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Усы мақсетте Бухара ҳәм Когон қалалары, Алат, Пешку, Қаракөл, Шофиркон, Ғиждувон ҳәм Қараўылбазар районларын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў бойынша мәнзилли илажлар әмелге асырылады.

Мәмлекетимиз басшысы Бухара үш мың жыллық тарийхқа ийе әййемги қала екенин, дүньяда тек ғана санаўлы қалалар бундай бай мәдений мийрасқа ҳәм бир орында жәмленген тарийхый естеликлерге ийе екенин атап өтти. Бул имканияттан экономикалық өсиўди хошаметлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм инфраструктураны жақсылаўда пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Инвестиция ҳәм экспорт тараўында 2026-жылы 3,3 миллиард доллар сырт ел инвестицияларын өзлестириў, 1,5 миллиард долларлық экспортты тәмийинлеў, улыўма баҳасы 9,2 миллиард долларлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды.

Санаатты раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, санаат тармақлары кесиминде улыўма баҳасы 2,2 миллиард долларлық 61 ири жойбар қәлиплестирилген. Нәтийжеде 18 мың жаңа жумыс орнын жаратыў, халықтың жан басына санаат көлемин 25,6 миллион сумнан 29,6 миллион сумға жеткериў мөлшерленген.

Атап айтқанда, Когон районында жылына 80 мың дана электромобиль ҳәм гибрид автомобиллер ислеп шығарыў режелестирилген. Бул жойбардың баҳасы 350 миллион доллар болып, 500 жумыс орны жаратылады.

Буннан тысқары, Бухара районында пиролиз усылында бензол, толуол, ксилол, пентан, гексан, битум ҳәм кальций хлорид ислеп шығарыў бойынша 220 миллион долларлық жойбарды әмелге асырыў, Қараўылбазар районында 85 миллион долларлық жойбар шеңберинде АИ-91 ҳәм АИ-92 бензинин ислеп шығарыўды кеңейтиў, Когон районында қағаз ҳәм картон өнимлерин таярлаўды жолға қойыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Қараўылбазар районында жылына 100 мың тонна минерал төгин ислеп шығарыў, Когон районында гипсокартон ислеп шығарыўды кеңейтиў режелери додаланды.

Соның менен бирге, 61 әмелдеги санаат зонасындағы бос жер майданларында жайластырылатуғын жаңа өндирислик қуўатлықлардың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Атап айтқанда, Бухара қаласы ҳәм районында азық-аўқат ҳәм мебель, Вабкентте былғары ҳәм тоқымашылық, Когон ҳәм Қараўылбазарда нефть-химия, Шофиркон ҳәм Пешкуде фармацевтика ҳәм азық-аўқат, Ғиждуўанда қурылыс материаллары тармақларына тийкарғы әҳмийет бериледи.

Аўыл хожалығына заманагөй жерден пайдаланыў технологиялары ҳәм ирригация системаларын енгизиў арқалы 100 мың гектар жерди өзлестирип, пайдаланыўға киргизиў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул аймақтың экономикалық белсендилигин ҳәм экспорт потенциалын сезилерли дәрежеде арттырады.

Мәжилисте ўәлаяттағы 3 миллион гектар жайлаўдан өнимли пайдаланыў, шарўашылықты раўажландырыў, от-жем майданларын кеңейтиў бойынша жаңаша қатнасларды енгизиў мәселелери де додаланды. Усы жылы 59,2 мың гектар майданға от-жем егинлерин толық егиў режелестирилген. Буннан тысқары, шарўашылық тараўында улыўма баҳасы 454 миллиард сумлық 82 жойбарды әмелге асырыў, 20 мың бас нәсилли қарамал, 30 мың бас қой ҳәм 200 бас жылқы алып келиў нәзерде тутылған.

Пахташылық, ғәллешилик ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў тараўларында да анық ўазыйпалар белгиленди. Атап айтқанда, 2026-жылы пахта зүрәәтлилигин 52 центнерге, ғәлле өнимдарлығын 100 центнерге жеткериў, 96,8 мың гектарда суў тәмийнаты ҳәм мелиоративлик жағдайды жақсылаў, 453,5 миллион куб метр суўды үнемлеў, 742 аўыл хожалығы техникасын алып келиў режелестирилген.

Ҳәр бир районда 50 бас нәсилли қарамалға мөлшерленген заманагөй мини-фермалар шөлкемлестириў усынысы көрип шығылды. Бул бағдарлама шеңберинде 110 жойбар әмелге асырылып, 5,5 мың бас нәсилли қарамал алып келинеди, 3 мың 750 жаңа жумыс орны жаратылады, қосымша 51,5 мың тонна сүт ислеп шығарыў қуўатлылығы қәлиплестириледи.

Хызметлер көрсетиў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў тараўында мәҳәллелерди қәнигелестириў тийкарында 49 жойбарды әмелге асырыў, 33 саўда ҳәм сервис көшеси, 2 жағалық ҳәм 10 жол бойы аймағы, 4 туризм мәҳәллеси шөлкемлестириў режелестирилген. Бул мақсетлер ушын жәми 12,5 триллион сум қаржы ресурслары, соның ишинде, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў ушын 7,5 триллион сум қаратылады.

Ҳәзирги ўақытта туристлик белсендилик тийкарынан Бухара қаласына қаратылғаны, ўәлаяттың басқа районларының потенциалы еле толық иске қосылмағаны атап өтилди. Жандар, Ғиждувон, Бухара, Қаракөл ҳәм Вобкент районларында жағалық ҳәм жол бойларында драйвер жойбарларды әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дем алыўы ушын заманагөй орынларды қәлиплестириў ушын үлкен имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.

Бул бағдарда 2026-жылы 3,5 миллион сырт ел ҳәм 5,5 миллион жергиликли туристлерди тартып, жәми туристлердиң санын 9 миллионға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Усы мақсетте 2026-жылы 73 жаңа жайластырыў обекти иске түсириледи, 15 жаңа туроператор ҳәм туристлик агентликлердиң жумысы жолға қойылады.

Бухара қаласында қурылып атырған жаңа туризм орайында халықаралық брендлердеги 5 мийманхана комплексин шөлкемлестириў, Шофиркан районында "Хожа Ориф", Бухара районында "Чор Бакр" ҳәм "Ёржон" туризм аўылларын раўажландырыў, Бухара қаласында "Моҳи Хоса" туризм мәҳәллесин шөлкемлестириў режелестирилген. Бухараның тарийхый орайында ЮНЕСКО талаплары тийкарында өз алдына ҳәкимшилик басқарыў системасын енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Когон қаласындағы 6 тарийхый объект негизинде туризм қалашасын шөлкемлестириў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Кадрлар таярлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Австрияның Кремс университети менен қоспа факультет ашыў, Бухара туризм ҳәм мәдений мийрас техникумын усы жоқары оқыў орнының басқарыўына өткериў режелестирилген. Қәнигелер таярлаў ҳәм басқарыў кадрларын қайта таярлаў системасын толық дуал билимлендириў тийкарында шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Бул университет Бухара қаласында жаратылып атырған күни-түни жумыс ислейтуғын көшелерди басқарыўдың жаңа моделин ислеп шығыўға да жәрдемлеседи.

Мәжилисте халық санының өсиўине қарап турақ жай қурылысы ҳәм инфраструктураны раўажландырыў мәселелери де көрип шығылды. Атап айтқанда, Бухара районы Работак мәҳәллесинде 63 гектар майданда 10 мыңнан аслам квартирадан ибарат заманагөй турақ жайлар комплексин қурыў, Бухара қаласында жаңа ҳәкимшилик орай шөлкемлестириў, "Жаңа Өзбекстан" массиви ҳәм усы атамадағы дем алыў бағын қурыў, Бухара мәмлекетлик университетиниң жаңа кампусын қурыў сыяқлы ири урбанизация жойбарлары додаланды.

Жол ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў бойынша да бир қатар ўазыйпалар белгиленди. Ўәлаятта улыўма узынлығы 33,1 километр болған 7 айланба жол қурыў, "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" жолының 78 километр бөлегин ҳәм "Самарқанд - Бухара - Түркменбасы" магистральының 71 километр бөлегин реконструкциялаў, А-380 жолының бойындағы 30,8 гектар жер майданын аукционға шығарыў ҳәм 403 сервис объектин жайластырыў режелестирилген.

Сондай-ақ, "аўыр" категорияға киргизилген 3 район ҳәм 36 мәҳәлледе, "Жаңа Өзбекстан көринисинде"ги 2 район ҳәм 35 мәҳәлледе жол, электр, ишимлик суўы ҳәм ирригация тармақларын жаңаша көзқараслар тийкарында жақсылаў жумыслары әмелге асырылады. Бул мақсетлер ушын жәми 593 миллиард сум қаратылады.

Социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў ушын 2026-жылы улыўма 4 триллион 484 миллиард сум қаратыў, мектеп, бақша, медицина мәкемелери, коммуналлық ҳәм транспорт инфраструктурасын қурыў ҳәм оңлаў бойынша жүзлеген жойбарларды әмелге асырыў режелестирилгени атап өтилди.

Президентимиз Бухара ўәлаятындағы бар имканиятларды толық иске қосып, ҳәр бир басламаны анық жойбарға айландырыў, инвестиция, санаат, аўыл хожалығы, туризм ҳәм инфраструктура тараўларында нәтийжелиликти тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.