Сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Парламентлер, ҳүкиметлер, аймақлар ҳәм бизнес дәрежесинде нәтийжели сөйлесиўлер әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели жумыс алып бармақта. Товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта, санаат, энергетика, транспорт, экология ҳәм суўдан пайдаланыў тараўларында кооперация кеңеймекте.
Ушырасыўда экономикалық жойбарларды жеделлестириў, сийрек ушырасатуғын металлар тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў, туристлер ағымын көбейтиў, гуманитарлық, соның ишинде, космос ҳәм креатив экономика бағдарындағы алмасыў бағдарламаларын буннан былай да кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың күн тәртибин пуқта таярлаў әҳмийетли екени атап өтилди. Халықаралық ҳәм регионаллық сиясат мәселелери бойынша да пикир алысылды.