Өзбекстанның басламасы менен шөлкемлестирилген бирге
ислесиўдиң жаңа форматы регион мәмлекетлери арасында қоспа санаат жойбарларын
иске қосыў ҳәм кооперацияны тереңлестириў механизми болады.
Атап өтилиўинше, Өзбекстанның жалпы ишки өниминде санааттың
үлеси 27 процентке жеткен, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми соңғы жылларда
2 есеге көбейген. 2025-жылы бирге ислесиўши мәмлекетлер менен товар алмасыў 21
миллиард АҚШ долларынан артты, 2026-жылдың биринши шерегинде болса және 26
процентке өсти.
Мәжилис даўамында дәстүрий саўда байланысларынан және де
терең санаат кооперациясына өтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усыныслар арасында:
санаат кооперациясы ҳәм өндиристи локализациялаўдың бирден-бир
бағдарламасын ислеп шығыў;
10 мың маман қәнигелерди таярлаўға қаратылған "Жас
санаат жетекшилери - 2030" басламасын баслаў;
биргеликтеги жойбарларды алға қойыў ушын эксперт топарын
шөлкемлестириў.
Ушырасыў жуўмағында ерисилген келисимлер ҳәм келешектеги
бирге ислесиў бағдарларын белгилеп беретуғын қоспа коммюникеге қол қойылды.