"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 1 градус суўық-1 градус жыллы, күндиз 8-10 градус жыллы болады.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде бираз қар жаўыўы, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Бухара ўәлаяты;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 4-9 градус жыллы болады.

Наўайы ўәлаяты;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде бираз қар жаўыўы, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 4-9 градус жыллы болады.

Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 5-10 градус жыллы болады.

Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -2 градус суўық-3 градус жыллы, күндиз 10-15 градус жыллы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) жаўыўы, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 3-8 градус жыллы болады.

Республиканың таўлы аймақлары;

ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиўи қәўпи бар. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус суўық, күндиз 3 градус суўық-2 градус жыллы болады.