Ҳүжжетке Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Басқарыў нәтийжелилиги агентлигиниң директоры Улуғбек Ҳусаинов, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов, Профессионал билимлендириў агентлиги, сондай-ақ, IMC Krems University of Applied Sciences баслығы Хайнц Бойер қол қойды.

Меморандум миймандослық, туризм менеджменти, мийманхана бизнеси ҳәм сервис тараўлары ушын халықаралық стандартларға сәйкес маман кадрларды таярлаў, билимлендириў мәкемелериниң институционаллық потенциалын арттырыў, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў системасын модернизациялаўға қаратылған.

Ҳүжжет шеңберинде Австрия-Өзбекстан биргеликтеги басламасы тийкарында Бухара ҳәм Наманган қалаларындағы әмелдеги профессионал билимлендириў мәкемелерин халықаралық мийманхана менеджменти мектеплерине айландырыў режелестирилген. Сондай-ақ, австриялы экспертлердиң қатнасыўында консалтинг ҳәм жойбарлаў жумысларын әмелге асырыў, өзбекстанлы педагог ҳәм қәнигелер ушын маманлық арттырыў бағдарламаларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, тәреплер Европа тәжирийбе рамкасы (EQF) талапларына муўапық "Мийманхана менеджменти" (Hospitality Management) бағдары бойынша диплом ҳәм академиялық бағдарламаларды ислеп шығыў, туризм ҳәм миймандослық тараўында инновациялық көзқарасларды енгизиў бойынша конференция, форум ҳәм симпозиумлар өткериўге келисип алды.

Меморандум үш жыл мүддетке дүзилген. Оның орынланыўы шеңберинде мәмлекетлик уйымлар, жоқары билимлендириў мәкемелери, профессионал билимлендириў шөлкемлери ҳәм тараў ўәкиллери арасында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў режелестирилген.