Тайлақ районына сапар даўамында барлық мәҳәллелерди таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге қаратылған суў тәмийнаты системаларын реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў жумыслары үйренилди.

Ургут районында жаңа турақ жайлар, медицина мәкемелери, мектеп ҳәм бақшалардың қурылыс процеси, әмелдеги социаллық инфраструктура объектлерин жаңалаў ҳәм кеңейтиў жумыслары менен танысты.

Табыслы тәжирийбесин кеңнен үгит-нәсиятлаўға мүнәсип деп табылған фермерлер шаңарағы Ҳайдаровлар менен ушырасыўға айрықша итибар қаратылды.

Президентимиздиң тапсырмасы менен толық жаңадан қурылған "Наўайы" шаңарақлық поликлиникасында да болды. 16 елатлы пункттеги ҳаял-қызларға хызмет көрсететуғын мәкемениң туўыў бөлими заманагөй стандартларға сай.

"Усы ҳәптеде бул жерде биринши нәресте - Шавкатжан туўылды. Буны барлық жумысларымыз ушын жақсы ҳәм жарқын белги, деп билемен. Бала ҳәм оның анасына беккем денсаўлық, бахытлы тәғдир тилеймен", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.