Бул нызам кейинги жылларда мәмлекетимизде финанслық турақлылықты тәмийинлеў, банк системасында бизнес жүргизиў ушын бәсеки орталығын, сондай-ақ, халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын ҳуқықый тийкарды жаратыў бойынша системалы жумыслардың логикалық даўамы болды. Атап айтқанда, 2019-жылы "Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында"ғы ҳәм "Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында"ғы нызамлардың жаңа редакцияда қабыл етилиўи мәмлекетимиз банк системасын реформалаўдың жаңа басқышы басланыўы ушын беккем тийкар жаратты.
Бунда банклердиң жумысын қадағалаўдың әмелдеги тәртиби, соның ишинде, қарыйдарларға хызмет көрсетиў процеси менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў системасынан қәўип-қәтерлерди басқарыўға тийкарланған, яғный жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлерди қадағалаў системасына өтилди.
Банк-финанс системасының узақ мүддетли турақлылығын тәмийинлеўде кейинги әҳмийетли басқыш - аманатларды кепиллеў системасын реформалаў ҳәм төлеўге уқыпсыз банклерди санациялаў системасын жаратыў менен байланыслы. Соннан келип шығып, Орайлық банк тәрепинен Жәҳән банки экспертлери менен биргеликте халықаралық стандартлар тийкарында "Банклердеги аманатларды қорғаў кепилликлери ҳаққында"ғы нызам жойбары ислеп шығылған еди.
Бул жойбарды мәмлекетимиз басшысы мақуллады. Енди аманатлар бойынша бир қатар жаңалықлар енгизилмекте. Соның ишинде, нызам менен кепилленген аманат муғдары бир банкте бир аманатшыға 200 миллион сум етип белгиленди. Соның менен бирге, енди халықтың аманаты менен бирге жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм юридикалық тәреплердиң де аманаты кепилленеди.
Кепилленген аманат муғдары 200 миллион сумды қураўы банкке буннан көп пул қойыў мүмкин емеслигин аңлатпайды. Аманатты бул муғдарда кепиллеў банк жабылған жағдайда ғана қолланылады. Басқа ўақытта банклер аманат бойынша миннетлемесин шәртнама тийкарында орынлай береди.
Буннан тысқары, бул нызам талаплары ол күшке киргенге шекем халықтың банкке қойылған мүддетли ҳәм қор аманатларына ҳеш қандай тәсир көрсетпейди. Яғный, олар шәртнама мүддети тамам болғанға шекем толық кепилленген болады.
Бүгинги күнде жумыс алып барып атырған Пуқаралардың банклердеги аманатларын кепиллеў қоры негизинде Аманатларды кепиллеў агентлиги шөлкемлестириледи. Банк сапластырылғанда кепиллик берилген аманат ийелерине компенсациялар төлеп бериў оның тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады. Бунда банк сапластырылып атырғанда кепиллик берилген аманат бойынша компенсацияларды төлеў мүддети 20 жумыс күнинен басқышпа-басқыш 7 жумыс күнине шекем қысқартылды. Алдын бул мүддет 83 күн еди.
Банк жабылыўы нәтийжесинде қаржысының 200 миллион сумнан аслам бөлегин жоғалтыўдан қәўетерленген аманат қойыўшылар пулын бөлип-бөлип, бир неше банкке жайластырыўы ҳәм толық кепилликке ийе болыўы мүмкин.
Нызамда компенсация төлеп бериў дәреги есапланатуғын банклер тәрепинен агентлик қурамындағы аманатларды кепиллеў қорына төленетуғын төлемлердиң түри, усы қордың мақсетли муғдары, қордың қаржысы жетиспеўи жүзеге келгенде оны шешиў дәреклерине де анықлық киргизилген.
Буннан тысқары, Аманатларға кепиллик бериў қорының қаржылары жетерли дәрежеде болыўын тәмийинлеў мақсетинде жоқары ликвидли (7 жумыс күнинде пулға айландырылыўы мүмкин болған тәўекелшилик дәрежеси төмен) активлерге инвестиция етилиўи мүмкин екенлиги белгиленген.
Улыўма алғанда, пулды банклерде сақлаў үйде сақлаўға қарағанда әдеўир қәўипсиз ҳәм пайдалы. Себеби, мәмлекетимиз банк системасы турақлы раўажланбақта, капитал ҳәм ликвидлик жағдайы халықаралық талапларда белгиленгенинен де жоқары.
"Банклердеги аманатларды қорғаў кепилликлери ҳаққында"ғы нызам ҳаққында толық мағлыўматларды Орайлық банктиң рәсмий веб-сайты, социаллық тармақлардағы бетлери, finlit.uz сайты, Аманатларды кепиллеў агентлигиниң рәсмий веб-сайтын бақлап барып алыў арқалы алыў мүмкин.
Акмал НАЗАРОВ,
Орайлық банк департаменти директори.