Шембиликти өткериў бойынша жумысшы топар қурамы тастыйықланды.
Қайырқомлық шембилигин өткериў шеңберинде төмендеги илажлар әмелге асырылады:
мәҳәллелер, елатлы пунктлер, көп квартиралы турақ жайлар, ҳәўлилер әтирапы, гүзарлар, қыябанлар, зыярат орынлары, қойымшылықлар, көше ҳәм жолларды және балалар майданшаларын тәртипке келтириў, тереклерди ақлаў ҳәм путақлаў жумысларын шөлкемлестириў;
социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламлары, әсиресе, жәрдемге мүтәж, мийрим-шәпәәтке мүтәж, бағыўшысыз қалған кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралардың турақ жай шараятларын жақсылаўға жәрдемлесиў;
абаданластырыў илажы қатнасыўшыларын зәрүр техникалық қураллар ҳәм инвентарлар менен тәмийинлеў;
орынларда абаданластырыў жумысларын өткериў процесинде топланған шығындылардың жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да жуўапкер шөлкем тәрепинен айрықша белгиленген орынларға алып шығылыўын тәмийинлеў;
автомобиль жоллары, ҳәрекетлениў тығыз болған көшелер, суў объектлери, жағалық аймақлары, қурылыс майданлары, имарат ҳәм қурылмалардың төбелери, қәўипли өндирис объектлери, сондай-ақ, инсанлардың өмири ямаса денсаўлығына қәўип туўдырыўы мүмкин болған басқа да орынларда ықтыярлы баслама менен илажлар ҳәм басқа да жумысларды әмелге асырыў қадаған етилгенлигин қатаң қадағалаўға алыў.
Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстан Республикасында мәжбүрий мийнетти қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы 2018-жыл 10-майдағы 349-санлы қарарына муўапық қайырқомлық шембилигин өткериўде халықты басқа түрдеги жәмийетлик жумысларға, соның ишинде, қурылыс-оңлаў ҳәм аўыл хожалығы жумысларына мәжбүрий тартыўға қатаң жол қойылмайды.
Шембилик тийисли шөлкемлердиң аймағында абаданластырыў жумыслары мийнетти қорғаў ҳәм техника қәўипсизлиги қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда әмелге асырылыўы тәмийинленеди.









