2025-жылда пахта териминде машина хызмети тарифлериниң усыныс етилген муғдары жәрияланды

    15 тамыз 2025 3514

    2025-жылғы пахта жыйын-терими мәўсиминде 1 тонна пахта шийки затын терип алыў хызмети ушын усыныс тарифи ислеп шығылды.

    Бул ҳаққында Аўыл хожалығы министрлиги мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, усыныс етилетуғын муғдар - жанылғысыз жағдайда орташа 1 372 925 сум (бир миллион үш жүз жетпис еки мың тоғыз жүз жигирма бес сум) етип белгиленди.

    Тарифти есаплаўда пахта териў машиналары ҳәр қыйлы исбилерменлик субъектлерине тийисли екени, олардың базарда монопол статусқа ийе емеслиги, техникалардың жумыс өнимдарлығы ҳәм баҳасы ҳәр қыйлы болыўы, сондай-ақ, оларды кредит ямаса лизинг арқалы сатып алынғаны сыяқлы факторлар есапқа алынған.

    Сол себепли анық шәртнама дүзиўде хызмет баҳасы ҳәр бир жағдайда қәрежетлер, талап ҳәм усыныстан келип шыққан ҳалда белгилеўи мақсетке муўапық.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates