Ҳәммемизге белгили, Мырза Улығбек бабамыз буннан алты әсир бурын адамзат ушын жулдызлар картасын жаратқан еди. Бүгин болса биз ҳәзирги ҳәм келешек әўладларымыз ушын бахытлы турмысқа алып баратуғын жол картасын жаратыўымыз керек". Бул әҳмийетли шақырық Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған гезектеги Мүрәжатында жаңлады.
Усы тийкарда Мүрәжатта алға қойылған басламалар ҳәм 2026 - 2030-жыллар ушын ең тийкарғы реформаларды қамтып алған реформалар бағдарламалары және мәмлекетлик бағдарламаның жойбарлары ислеп шығылды. Бул әҳмийетли ҳүжжетлер Өзбекстан Президентиниң 2026-жыл 16-февральдағы "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы"нда тийкарғы бағдарлар бойынша реформалар бағдарламалары ҳәм "Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы менен тастыйықланды.
Мине, усы ҳүжжетлердиң жойбарлары усы жылдың 23-январь - 1-февраль күнлери ғалаба хабар қуралларында ҳәм интернет тармақларында кеңнен үгит-нәсиятланғаны оларды жетилистириўде жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алыў ушын қолайлы имканият жаратты. Мәмлекетлик бағдарлама жойбары менен интернетте 5 миллионнан аслам пайдаланыўшы танысып, 22 мыңнан аслам пикир-усыныслар билдирилгени де буны анық тастыйықлайды.
Жоқары оқыў орынлары ҳәм мәмлекетлик уйымларда додалаў илажларын өткериў, сондай-ақ, сырт елдеги ўатанласлар менен сөйлесиўлер ўақтында жойбарлар бойынша бир қатар қосымша басламалар билдирилди. Нәтийжеде кең жәмийетшиликтен түскен 1000 ға шамалас усыныс таңлап алынып, мәмлекетлик бағдарламаға киргизилгени оның және де халықшыллығын тәмийинледи.
Раўажланыў стратегиялары ҳәм раўажланыў бағдарламаларының жойбарларына Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы да, бир тәрептен, жәмәәтлик тийкарда усынысларын усыныс еткен болса, екинши тәрептен, хызметкерлеримиз өз алдына пикир-усынысларын билдирди. Усы ҳүжжетлердиң тастыйықланған текстинде Миллий орайдың усыныслары да сәўлеленгени бизге шексиз қуўаныш ҳәм мақтаныш бағышлады.
Кейинги тоғыз жылда жаңа Өзбекстанда раўажланыў стратегиялары ҳәм раўажланыў бағдарламаларын ислеп шығыў, қабыл етиў ҳәм орынлаў бойынша үлгили тәжирийбе топланып, белгили бир мақул әмелият қәлиплести. Бул бағдардағы жаңа ҳүжжетлер топламы сынақтан өткен миллий әмелият ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында пүткиллей жаңа қатнаслар тийкарында ислеп шығылды.
Реформалар бағдарламалары ҳәм мәмлекетлик бағдарлама бир-биринен өзгеше тәреплерге ийе. Усы жыл 16-февраль күни Президентимизге ең тийкарғы реформалар бағдарламалары және "Өзбекстан - 2030" стратегиясын 2026-жылда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама жойбарлары бойынша берилген мәлимлемеде мәселениң усы тәрепине айрықша итибар қаратылғаны бийкарға емес.
Реформа бағдарламаларының тиккелей әмел етиў механизми бар ҳәм олар айырым басламалар бойынша өз алдына ҳүжжет қабыл етиўди талап етпейди. Ҳәр бир реформалар бағдарламасының орынланыўы ушын жеке жуўапкер болатуғын жуўапкер басшы ҳәм муўапықластырыўшы мәмлекетлик шөлкем анық белгиленди.
Өз гезегинде, "Өзбекстан - 2030" стратегиясын Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада усы стратегияның 2026-жыл ушын белгиленген мақсетли көрсеткишлериниң орынланыўы шөлкемлестириледи. Бағдарлама менен 337 бәнттен ибарат әмелий илажлар режеси тастыйықланды. Усы жылы тараўлар кесиминде ең әҳмийетли 59 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ҳәм ең әҳмийетли стратегиялық реформаларды нәзерде тутатуғын 12 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылады.
Атап айтқанда, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде 2026-жыл даўамында ислеп шығылатуғын стратегиялық режелестириў ҳүжжетлери жойбарлары дизиминиң 4-бәнтинде "Инсан ҳуқықлары - 2030" стратегиясын ислеп шығыў белгиленген. Бул бәнттиң орынланыўы ушын тийкарғы жуўапкер Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай есапланады.
Бағдарламада нәзерде тутылған "Инсан ҳуқықлары - 2030" стратегиясы, атап өтиў керек болса, жаңа Өзбекстанның инсан ҳуқықлары бойынша екинши миллий стратегиясы болады. 2020-жылы қабыл етилген ҳәм орынланыўы жуўмақланған Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий стратегиясы бул тараўдағы биринши ҳүжжет болып есапланады.
Вена декларациясы ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы ҳәр бир мәмлекетке инсан ҳуқықлары бойынша миллий ҳәрекетлер режелерин қабыл етиўди усыныс еткен. Бүгинги күнде дүньяның 80 мәмлекетинде инсан ҳуқықлары тараўында 150 ден аслам миллий реже (стратегия) қабыл етилген болып, әмел етиў мүддети қысқа, орта ямаса узақ келешекке мөлшерленген бул ҳүжжетлер түрли дәрежелерде: президентлер, парламентлер, ҳүкиметлер тәрепинен тастыйықланған.
Орайлық Азия мәмлекетлериниң бул бағдардағы тәжирийбеси оғада итибарға ылайық. Орайлық Азия мәмлекетлери Конституцияларында "Мәмлекет инсан ҳуқықларын ҳүрмет етеди ҳәм тәмийинлейди" принципи анық белгилеп қойылған. Қазақстанда 2023-жылы Президент тәрепинен тастыйықланған Инсан ҳуқықлары ҳәм нызам үстинлиги тараўындағы үшинши ҳәрекетлер режеси әмелге асырылмақта. Қырғызстан ҳүкимети 2022-2024-жыллар ушын Инсан ҳуқықлары бойынша ҳәрекетлер режесин қабыл етти ҳәм әмелге асырды. Тәжикстан ҳүкимети 2023-жылы Инсан ҳуқықлары бойынша миллий стратегияны қабыл етти. Түркменстан Президенти тәрепинен 2021-2025-жылларға мөлшерленген Инсан ҳуқықлары бойынша миллий ҳәрекетлер режеси тастыйықланды.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде 2026-жылғы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде "Инсан ҳуқықлары - 2030" стратегиясы жойбарын ислеп шығыў процесслери жедел бармақта. Инсан ҳуқықлары бойынша екинши миллий стратегия жойбарын таярлаўда алдынғы халықаралық тәжирийбе, Өзбекстан Республикасының инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелери, сондай-ақ, өткен дәўир даўамында қәлиплескен миллий әмелият есапқа алынады. Ҳүжжетте Өзбекстанның миллий баянатларын көрип шығыў шеңберинде усынылған БМШтың инсан ҳуқықлары бойынша уйымларының усыныслары да өз көринисин табатуғынына исенемиз.
Буннан тысқары, пәрман менен тастыйықланған мәмлекетлик бағдарлама бойынша әмелий илажлар режесинде Инсан ҳуқықлары бойынша V Самарқанд форумын өткериў де нәзерде тутылды. Форумды өткериўге байланыслы тийкарғы жуўапкершилик Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайға жүкленген.
Инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумы 2018-жылдан баслап дәстүрий тәризде ҳәр еки жылда шөлкемлестириўшилик жақтан жоқары дәрежеде өткерилип келинбекте. Форумның шөлкемлестириўшилери Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай, Сыртқы ислер министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, сондай-ақ, Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги болып есапланады.
Министрлер Кабинети тәрепинен 2020-жыл 9-октябрьде "Инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумы концепциясы ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумын өткериў регламентин тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарар қабыл етилген. Бул ҳүжжет Өзбекстан Президентиниң 2020-жыл 22-июньдеги "Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде ислеп шығылған.
Самарқанд форумының тийкарғы ўазыйпаларына, атап айтқанда:
- инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында тәжирийбе алмасыў;
- Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўында ерискен жетискенликлери ҳәм басламаларын додалаў, мәмлекеттиң халықаралық абырайын беккемлеў;
- халықаралық жәмийетшиликтиң инсан ҳуқықларына әмел етиўде ҳәрекет ҳәм имканиятларды бирлестириў;
- социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар ҳуқықлары бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери киреди.
Гезектеги Самарқанд форумы БМШтың 1966-жыл 16-декабрьде қабыл етилген еки тийкарғы ҳүжжети - Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакт ҳәм Экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакттың 60 жыллығына, сондай-ақ, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының 30 жыллығына бағышланыўы нәзерде тутылмақта.
Бундай әҳмийетли миллий ҳәм халықаралық сәнелер мүнәсип белгиленетуғын быйылғы жылда Инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумының жоқары дәрежеде өткерилиўи ел-журтымыз турмысында үлкен әҳмийетке ийе болатуғынына гүман жоқ.
Акмал САИДОВ,
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы
Миллий орайы директоры, академик