Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар, олардан таярланған зергерлик ҳәм басқа да буйымлардың нызамсыз айланысын азайтыўға қаратылған. Нызам жойбары менен баҳалы металлардан таярланған ярым таяр зергерлик буйымларын Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан сыртқа алып шығыўда Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик ҳасыл зат қадағалаў инспекциясының жуўмағын алыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, 2029-жыл 1-февральға шекем зергерлик тараўындағы ислеп шығарыўшыларға бир қатар жеңилликлер бериў нәзерде тутылмақта. Яғный, олардың жаратып атырған жумыс орнына қарап, сатып алып атырған қымбат баҳалы металл ҳәм алтын баҳасында (1 проценттен 4 процентке шекем) шегирме берилмекте.

2025-жылдың өзинде зергерлик тараўында исбилерменлик субъектлериниң саны дерлик 4 есеге көбейди. Таяр зергерлик өнимлериниң экспорты 5,1 тоннаға артты. Ямаса 439 миллион долларға жетип, алдынғы жылға салыстырғанда 4,7 есеге артқан.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардың айланысы тараўындағы мәмлекетлик сиясатты жетилистириў, жергиликли зергерлик санаатын раўажландырыў, нызамлы жумыс алып барып атырған жергиликли исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.