Усы көзқарастан да жақында мәмлекетимиз басшысының Көксарай резиденциясында жаслар менен өткерген ашық ҳәм қызғын сөйлесиўинде билдирилген терең философиялық пикирлер, режелер көлеминен халқымыздың күш-ғайрат пенен уллы келешекке қарай умтылып атырғаны, онда жаслардың үлеси сезилерли дәрежеде өсип атырғанынан қанаатланыўшылық сезилди.

Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларға мүрәжат етип, елимиздеги 22 миллионнан аслам жас тек ғана демографиялық көрсеткиш емес, ал оғада үлкен экономикалық, социаллық ҳәм сиясий күш екенин атап өтти. Бул ҳақыйқат барлық дәрежедеги басшыларға жаңа әўладты шет тиллер ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерге үйретиў, ғалабалық спортқа тартыў, сондай-ақ, ҳәр бир идея, жойбар ҳәм стартапты қоллап-қуўатлаў бойынша кешиктирип болмайтуғын жуўапкершилик жүклейди. Ҳеш бир жигит-қыз итибардан шетте қалмаўы шәрт екенлиги ҳаққындағы қатаң талап мәмлекетлик сиясаттың жоқары адамгершилик өлшеми болып есапланады.

Жыллар даўамында избе-из әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жаслардың камалға келиўи жолындағы шексиз имканиятлар бүгин өзиниң анық нәтийжелерин бермекте. Ул-қызларымыздың жәҳән пән олимпиадаларында 66 алтын, 147 гүмис ҳәм 221 бронза медалын қолға киргизгени миллий ой-пикиримиздиң қаншелли жарқын екенинен дәрек береди. Гарвард, Йель, Принстон, Колумбия ҳәм Корнелл сыяқлы дүньяның ең абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлеримиз саны 500 ден, күшли жүзликке киретуғын университетлерде оқып атырған жасларымыз болса 3500 ден артқаны халқымыздың интеллектуаллық потенциалы глобал көлемде тән алынып атырғанын аңлатады. Тек ғана билимлендириўде емес, ал экономикада да жасларымыздың 63 стартап жойбары АҚШ, Қубла Корея, Уллы Британия ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы мәмлекетлердиң ири ҳәм бәсекиге шыдамлы базарларына кирип барғаны итибарға ылайық. Халықаралық спорт ареналарында қолға киргизилген мыңлаған медаллар жасларымыздың физикалық ерк-ықрары ҳәм жеңилмес руўхын сәўлелендиреди. Бүгин мәмлекетимиздеги бизнес ўәкиллериниң 35 процентин әйне жас исбилерменлер қурап атырғаны болса жәмийетимиздеги экономикалық белсендиликтиң тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши жаслар екенинен дәрек береди.

Усы көзқарастан Өзбекстан Жаслар раўажланыўы глобал индексинде ең жоқары пәт пенен раўажланып атырған мәмлекет сыпатында тән алынғаны бийкарға емес. Усы жылы пайтахтымызда Жәҳән жасларының тынышлық жолындағы ҳәрекети бас резиденциясының шөлкемлестирилиўи, ески ҳәм нәўқыран Самарқанд қаласында Жаслар парламенти ағзаларының он екинши глобал конференциясы, “Take Off” халықаралық стартап саммити ҳәм 46-жәҳән шахмат олимпиадасының өткерилиўи мәмлекетимиздиң жаслар сиясаты тараўындағы халықаралық статусын және де беккемлеўге хызмет етеди.

Сөйлесиўде мәмлекетимиз басшысы ҳәр жылы 600 мың жас мийнет базарына кирип киятырғаны, 2030-жылға барып бул көрсеткиш 1 миллионға жетиўин атап өтти. Сондай-ақ, өсип киятырған әўладқа өз имканияты ҳәм қызығыўшылығына сәйкес жумыс табыўы ушын барлық зәрүр шараятты жаратыў экономикалық турақлылықтың ең әҳмийетли факторы екенин көрсетип өтти.

Социаллық сораўлар нәтийжелерине мүрәжат ететуғын болсақ, жаслардың үштен бир бөлеги өз келешегин исбилерменликте көретуғыны белгили болады. Бул умтылысты жүзеге шығарыў мақсетинде өткен жылы банклер ҳәм Жаслар ислери агентлигине 400 миллион доллар муғдарында қаржы қаратылды. "Жаслар бизнеси" ҳәм "Келешекке қәдем" бағдарламалары шеңберинде 15 мың жигит-қыз өз бизнесин жолға қойып, 50 мың халықты жумыс пенен тәмийинлегени болса үлкен экономикалық ҳәрекет болып есапланады.

Әне усы күшли ҳәрекетлерди избе-из даўам еттириў мақсетинде жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын қосымша 200 миллион доллар ажыратылатуғыны ҳаққындағы пикир жәмийетшиликте ҳақыйқый резонанс оятты. Бул финанслық жәрдем себепли өзин-өзи бәнт еткен жаслар ушын кредит муғдары 100 миллион сумнан 300 миллион сумға шекем арттырылады. Жас исбилерменлердиң перспективалы жойбарлары ушын 10 миллиард сумға шекем кредит ажыратыў имканиятының жаратылыўы ҳәм инновациялық стартап жойбарларына 100 мың долларға шекем инвестиция киргизиўге руқсат берилиўи жаңа экономикалық дәўирдиң басламасы болып есапланады. Хызмет көрсетиў ҳәм улыўма аўқатланыў тараўында мыңнан аслам жумыс орнын ашқан жергиликли брендлерден франшиза алып, өз филиалын ашыў нийетинде болған жаслар ушын қолайлы қаржыландырыў пакетлери енгизиледи. Бул болса коммерциялық инфраструктураны сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығады.

Инсан капиталын раўажландырыў социаллық инклюзивлик принциплерисиз толық әҳмийетке ийе болмайды. Социаллық басламалар шеңберинде "Өз пикириңди бер (Voice Up)" инклюзив дем алыў орайының тәжирийбеси сынақтан табыслы өтти. Сонлықтан, оны мәмлекетимиздиң ҳәр бир аймағында өткериў ҳәм 1000 жасты қамтып алыў белгиленди. Ең сайланды басламалар тийкарында Самарқанд қаласында Халықаралық инклюзив жаслар дем алыў орайын шөлкемлестириў ўазыйпасы халқымызға тән мийрим-шәпәәт ҳәм кеңпейилликтиң халықаралық дәрежедеги көриниси болды. "Өсиў ҳәм раўажланыў (Upshift)" жойбары арқалы усы жылы медиа, дизайн, өнерментшилик, өндирис ҳәм инновация бағдарларында таңлаўлар шөлкемлестириледи. Ең жақсы 40 стартапты қаржыландырыў ушын 2 миллиард сум ажыратылыўы болса дөретиўши жасларды руўхландырды. Сондай-ақ, аймақлардағы техникумларда билимлендириў бағдарламаларын тиккелей жумыс бериўшилердиң реал талаплары тийкарында түп-тийкарынан жаңалаў, дуал билимлендириў қамтып алыўын кеңейтиў, мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын жақсылаў ўазыйпалары белгиленди. Итибарлы тәрепи сонда, енди техникумларға да жоқары билимлендириў мәкемелери сыяқлы “spin-off” кәрханаларын ашыўға рухсат бериледи ҳәм оқыўшылардың инновациялық стартап жойбарларына 1 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи. Усы жылдан баслап техникум оқыўшылары ушын да "Work and travel" бағдарламасы шеңберинде 6 ай даўамында сырт мәмлекетлерде жумыс ислеў ҳәм қосымша дәрамат табыў имканияты жаратылады. Жол қәрежети ушын мәмлекет тәрепинен арнаўлы ссудалар ажыратылыўы жаслардың дүньяға көзқарасын халықаралық стандартлар дәрежесине көтереди.

Заманагөй билимлерди ийелеўде шет тиллерин билиў ең тийкарғы гилт болып есапланады. Тил сертификатына ийе жигит-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша енгизилген механизмлер өзиниң жоқары нәтийжесин бергени қуўанышлы. Бүгин сертификат алған жаслардың саны 600 мыңнан артқаны ҳәм шет тиллерди жетик билетуғын 72 мың жоқары маман инструктор қатламының қәлиплескени жәмийетимиздиң интеллектуаллық келбетиниң өзгерип атырғанын көрсетеди. Жеке меншик оқыў орайларының саны үш есеге көбейип, 38 мыңнан артқаны билимлендириў тараўында саламат бәсеки орталығының қәлиплескенинен дәрек береди. Жеке меншик оқыў орайлары ассоциациясын шөлкемлестириў басламасы мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қоллап-қуўатланды. Ассоциацияға ағза болған орайларға өз имаратын ижараға берген исбилерменлер ижара дәраматы ҳәм пайда салығын төлеўден пүткиллей азат етилиўи мисли көрилмеген жеңиллик. "Көмек" бағдарламасы арқалы алыс ҳәм шетки аймақларда шет тили оқыў орайларының жумысын кеңейтиў мақсетинде 300 миллион сумға шекем процентсиз ссуда берилиўи нәзерде тутылған.

Алыс аймақлардағы оқыў орайлары ушын социаллық салық ставкасы 1 процент етип белгилениўи, оқытыўшылардың дәрамат салығы болса 12 проценттен 7,5 процентке шекем төменлетилиўи билимлендириў әдиллиги принципин қарар таптырыўға хызмет етеди. Орынларда мүтәж шаңарақлардағы жасларды бийпул оқытыўды өз мойнына алған оқыў орайларына қосымша жеңилликлер берилип, жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи. Сондай-ақ, олардың коммуналлық қәрежетлериниң тең ярымы мәмлекет тәрепинен қаплап берилиўи халықшыл сиясаттың айқын белгиси болып есапланады.

Жәмийетте тийислилик сезимин қәлиплестириўде волонтёрлар, яғный волонтёрлық ҳәрекетиниң орны шексиз. Елимизде бул бағдардың ҳуқықый тийкарлары жаратылғаны себепли волонтёр жаслардың қатары 5 есеге кеңейди. Экология, медициналық хызмет, билимлендириў ҳәм айрықша жағдайларда жәрдем бериў бойынша кеўиллилер саны 100 мыңнан артқаны халқымыздың мәнаўияты қаншелли жоқары екенин көрсетеди. Волонтёрлық ҳәрекетин раўажландырыў бойынша арнаўлы қәўендерлик кеңесин дүзиў ҳәм Жаслар ислери агентлиги жанында "Волонтёрлықты қоллап-қуўатлаў" қорын шөлкемлестириў стратегиялық реже сыпатында белгиленди. Бул қорға ҳәр жылы республикалық бюджеттен 20 миллиард сум, жергиликли бюджетлерден болса қосымша 3 миллиард сумнан қаржы қаратылыўы жәмийетти жақсылық әтирапында бирлестириўге хызмет етеди. Волонтёрлардың жойбарларына 100 миллион сумға шекем мәмлекетлик грант берилиўи ҳәм арнаўлы социаллық белсендилик картасы арқалы хошаметлеў системасының енгизилиўи жаслардың социаллық жуўапкершилигин және де арттырады. Ушырасыўда тек ғана билимлендириў ямаса экономикалық мәселелер емес, ал жас шаңарақларды социаллық қорғаў, халық арасында китапқумарлық мәдениятын ғалаба ен жайдырыў сыяқлы оғада әҳмийетли мәселелер де терең талланды. Атап айтқанда, жас шаңарақлар ушын турақ жай ипотека бағдарламасы шеңберинде кредит ставкасының 14 проценттен асқан бөлеги тиккелей бюджет қаржылары есабынан қаплап берилиўи жаслардың ең үлкен социаллық машқалаларынан бирине шешим болады.

Миллет руўхыйлығын жоқарылатыў мақсетинде "Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў" қорының жумысы арқалы ең талантлы жазыўшыларға дөретиўшилик буйыртпалар берилиўи ҳәм оларға 1 жыл даўамында ҳәр айда 20 миллион сумнан қәлем ҳақы төлениўи әдебиятшыларға көрсетилген жоқары ҳүрмет болып есапланады. Жәҳән әдебиятының ең сайланды шығармаларын өзбек тилине, сондай-ақ, миллий әдебиятымыз дүрданаларын шет тиллерге аўдарыў ҳәм басып шығарыўға байланыслы қәрежетлердиң ярымы мәмлекет тәрепинен қаплап берилиўи әдебиятымыздың жәҳән сахнасына шығыўына кең жол ашады. Жаңа оқыў жылы басланғанға шекем жасларымыз оқыўы зәрүр болған ең жақсы 100 шығармадан ибарат топламларды таярлап, республикамыздағы барлық мектеп ҳәм техникумларға бийпул жеткерип бериў, сондай-ақ, ең белсенди китапқумар оқыўшыларды 10 миллион сумнан ақшалай сыйлық пенен хошаметлеў келешек әўладтың интеллектуаллық потенциалын арттырыўға хызмет етеди.

Соның менен бирге, ири китапханалар, заманагөй "book cafe"лер ҳәм китап дүканларын ашып, айына 10 мың данадан аслам китап сатқан исбилерменлерге 3 жыл мүддетке 1 миллиард сумға шекем 7 процентлик ссуда бериў механизми китапқумарлықты улыўма миллий ҳәрекетке айландырады. Инсаныйлықтың ең жоқары дәрежедеги көриниси сыпатында жазаны орынлаў мәкемелеринен қайтқан жаслардың жәмийетке тезирек бейимлесиўин тәмийинлеў ушын "Екинши имканият" арнаўлы социаллық жойбары иске қосылатуғыны мәлим етилди. Адасқан жасларды 8-12 айлық интенсив оқыў курслары арқалы программаластырыў, веб-дизайн, компьютер инженерлиги сыяқлы заманагөй кәсиплерге ҳәм шет тиллерине оқытып, дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў жәмийетте ҳеш бир инсан меҳир ҳәм итибардан шетте қалмаўын кепиллейди.

Президентимиздиң жаслар менен өткерген бул сөйлесиўи жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы ҳәрекетлеримиздиң мәниси инсан қәдири ҳәм айдын келешегин тәмийинлеўге қаратылғанын және бир мәрте дәлиллейди. Киргизилип атырған үлкен инвестициялар, берилип атырған теңсиз жеңилликлер ҳәм алға қойылып атырған идеялар Үшинши Ренессанс тийкарын қурыўға уқыплы болған, еркин пикирлейтуғын, заманагөй билимлерди толық ийелеген ҳәм миллий қәдириятларға садық әўладты тәрбиялаўдай муқаддес мақсетке хызмет етеди. Абадан келешекке қаратылған бул уллы қәдемлер ҳәр бир пуқараны жүз берип атырған тарийхый өзгерислерге байланыслылық сезими менен жасаўға шақырады.

Шухрат СИРОЖИДДИНОВ,

академик